Бирлеспеге заманагөй медициналық үскене алып келинди

130

Денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында исленип атырған жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Қанлыкөл районы медицина бирлеспесине оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў мақсетинде “Өзбекнефтьгаз” АЖ ның бийғәрез жәрдеми менен “Chirolog SV Basic” жасалма дем алдырыў медициналық үскенеси тапсырылды.

Район ҳәкиминиң орынбасары Р.Қалимбетов,  қәўендерлик етиўши “Өзбекнефтьгаз” АЖ ға район халқы атынан миннетдаршылық билдирип, бул үскене наўқаслардың емлениўине жақсы тәсир ететуғынлығына исеним билдирди.

Әлбетте, медицина тараўында халықаралық бирге ислесиўлер ҳәм бул бағдарда бирге ислесиўлер, әмелий илажлар, медициналық жәрдемлер, барлығы халқымыздың абаданлығына қаратылғаны менен әҳмийетли.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.