Майыплығы бар абитуриентлер ушын исеним ҳәм имканият

65

Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң басламасы менен пүткил мәмлекет бойлап «Инсан» социаллық хызметлер орайлары жанында жумыс алып барып атырған кеўилли жаслар – волонтёрлар тәрепинен майыплығы болған абитуриентлерге қоллап-қуўатлаў көрсетилмекте. Бул баслама елимизде инклюзив билимлендириў ҳәм тең имканиятларды тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдем сыпатында тән алынбақта.

Волонтёрлар тәрепинен берилген жәрдем абитуриентлерге тек тест сынақларына таярлық көриўде емес, ал орайларға еркин түрде мүрәжат етиў имканиятын да бермекте. Бул болса шаңарақ ағзаларын артықша әўере етпей, абитуриенттиң өзинде еркинлик ҳәм исеним сезимин қәлиплестирмекте.

Тест сынақларында қатнасып атырған абитуриентлерден бири – Нуралий Жанабаев бул басламаны былай түсиндиреди: «Волонтёрлардың жәрдеми маған жүдә үлкен жәрдем берди. Олардың жәрдеминде тест процесине таярланыў аңсатласты ҳәм шаңарағымды артықша тәшўишке салмадым. Майыплығы болған абитуриентлерге қаратылып атырған бундай итибар ҳәм жаңа басламалардан оғада қуўанышлымыз.»

Бул баслама, бәринен бурын, жәмийетте майыплығы болған шахсларға унамлы мүнәсибетти беккемлеў, оларды турмысқа кеңирек тартыў ҳәм тең ҳуқықлы пуқара сыпатында өз орнын табыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Ықтыярлылар болса бул процессте тек ғана әмелий жәрдем көрсетип қоймастан, ал руўхый қоллап-қуўатлаў, исеним ҳәм илҳам дәреги сыпатында да ҳәрекет етпекте. Олар өз жумыслары менен жаслар арасында социаллық белсендиликти арттырып, пидайылық ҳәм аўызбиршилик пазыйлетлерин көрсетпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги