Түркмен халқының миллий жетекшиси мәмлекетимиз басшысын қызғын қутлықлады

144

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев  24-июль күни Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов бенен телефон арқалы сөйлести.

Түркменстан миллий жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар, дос Өзбекстан халқына тынышлық-абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Быйыл апрель айында Самарқанд қаласында өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара товар алмасыў жедел артып, кәрханалар ҳәм исбилерменлер дәрежесинде кооперация байланыслары тереңлесип баратырғаны, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў даўам етип атырғанын миннетдаршылық пенен атап өтилди.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе байланыслы мәселелер, соның ишинде БМШтың Теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў бойынша пикир алысты.

ӨзА