Жер асты байлықларын нызамсыз қазғанлар ҳаққында хабар бергенлер хошаметленеди

79

Жер астынан пайдаланыўға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар бергенлер хошаметленеди.

Ҳүкимет қарары (457-сан, 22.07.2025 ж.) менен “Жер астынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген физикалық тәреплерди ақшалай сыйлық пенен хошаметлеў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.

Режеге бола, шахслар ҳуқықбузарлықты видеотехника қураллары арқалы дизимге алыўы ҳәм “Геомониторинг” системасы арқалы Таў-кән санааты ҳәм геология тараўын қадағалаў инспекциясына жибериўи керек.

Фото ҳәм видео материалларда төмендегилер сәўлелендирилиўи керек:

– жүз берген ҳуқықбузарлық;

– ҳуқықбузарлықты ислеген шахс ҳаққындағы мағлыўматлар (егер бар болса);

– ҳуқықбузарлық жүз берген мәнзил, сәне ҳәм ўақыт.

Фото ҳәм видеоматериаллар 15 жумыс күнинде көрип шығылады. Фото ҳәм видеоматериалларды жиберген шахслар төмендеги муғдарларда ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди:

– кең тарқалған рудалық емес пайдалы қазылмаларды нызамсыз қазып алыў ямаса басқа орынға тасыў бойынша – ҳуқықбузардан өндирилген қаржылар есабынан БЕМның 1 есеси;

– пайдалы қазылмаларды қазып алыў, минерал шийки затты қайта ислеў тараўындағы басқа ҳуқықбузарлық бойынша – ҳуқықбузарлықтан өндирилген жәрийма муғдарының 5 проценти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги