Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

“BBC Travel” хабаршысы елимиздиң туризм потенциалы ҳаққында сөз етип, дыққат орайын әййемги Самарқанд ҳәм Бухарадағы минаралардан Ферғана ойпатлығына қаратты. Журналисттиң пикиринше, үлкеде туризм мисли көрилмеген пәтлерде раўажланып атырған болса да, ҳақыйқый мәдений самал нәтийжели, бирақ көп туристлер еле ашып үлгермеген мине, усы жасыл мәканда есип тур.
– Кейинги жыллары Өзбекстан әййемги Жипек жолы мийрасын заманагөй туризм сыпатында раўажландырмақта: визалар жеңиллестирилди, авиақатнаўлар көбейди, туристлер ушын үлкен имканиятлар жолға қойылды, -делинеди мақалада.

Автордың жазыўынша, Тянь-Шан ҳәм Алай таў дизбеклери арасындағы бул кең ойпатлық әсирлер даўамында пиллешилик, гүлалшылық ҳәм мийўе жетистириў менен белгили. Марғуланда тоқылған жипек гезлемелери пүткил республика бойлап бас кийим, орамал ҳәм заманагөй липас таярлаўда қолланылады. Риштонда таярланған сырланыўшы гүлалшылық буйымлары болса дерлик ҳәр бир үйде бар. Ойпатлықтың шийе, анар, қулпынай, ерик сыяқлы мийўелери өзбек миймандослығының ажыралмас бөлеги.

Ферғанаға келген ҳәр бир саяхатшының нәзери ең дәслеп, жүзимлерге бүркенген дийўаллар, салма бойларында мийўе жуўып атырған келиншеклер, ғайраты ишине сыймайтуғын кемпирлердиң тутты силкип атырғанына түседи. Базарлары “бәҳәр ийиси”не толы. Сатыўшылардан бири “дәслеп шаңарағымыз ушын, кейин базар, артқаны экспортқа,” деп атап өтеди. Қуяшлы күнлер бул мийўелерге өзгеше дәм ҳәм хош ийис бағышлайды.

Марғулан вокзалындағы кишкене саўда орнында алтын қырлы көк гүлал кесада жаңа үзилген тут, сатыўшы ҳаялдыӊ басында жарқын жипек орамал. Бул көринис “BBC” хабаршысының көз алдында жипек, керамика ҳәм мийўениң тиккелей турмысқа сиңип кеткенин сәўлелендиреди.

Бул басылым елимизди “2025-жылы барыў керек болған 25 мәнзил”ден бири сыпатында тилге алғанын атап өтиў керек. Журналисттиң пикиринше, мәмлекеттиң ҳақыйқый жүзи – кадр артында, Ферғана ойпатлығының тыныш устаханаларында, қолдан ийирилген жипеклеринде ҳәм ески ҳәўлилерде асылып турған шийе шақаларында.
Муслим Зиё, ӨзА