Автомашинаны шетке алып шығыў ҳуқықы “Исеним хат”ларында айрықша көрсетиледи – жойбар

79

Автомобильди басқарыў ушын берилетуғын исеним хатларында транспорт қуралын сырт елге алып шығыў ҳуқықы жазба түрде көрсетилиўи талап етилиўи мүмкин.

Бул тәртипти нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарында айтып өтилгениндей, бул – исеним хаты тийкарында рәсмийлестирип берилген автомототранспорт ийелериниң ҳуқықларын исенимли қорғаў имканиятын береди.

Жойбарда автомототранспортларға байланыслы рәсмийлестирилген исеним хатында усы автомототранспортлардың республика аймағынан алып шығыў ҳуқықының бар екенлиги яки шекленгенлик жағдайын атап өтиў нәзерде тутылған.

Атап өтилгениндей, соңғы ўақытлары, атап айтқанда, 2024-жылы 50 ге шамалас пуқаралардың автотранспортлары исеним хаты берилген пуқаралар тәрепинен сырт елге алып шығып кетип, қайта алып кирилмеген жағдайлар бақланған. Тап усындай жағдай 2025-жылдың июнь айында да 8 жағдайда жүз берген,-дем мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги