Өзбекстан МҚХ баслығы Аўғанстан Разведка хызмети баслығы, Қорғаныў ҳәм Ишки ислер министри менен ушырасыўлар өткерди

99

Усы жылдың 22-июль күни Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы Баҳодир Қурбонов басшылығындағы делегацияның Қабул қаласында Аўғанстан Разведка хызмети баслығы Абдул Ҳақ Восиқ пенен ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиўлер даўамында регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, Аўғанстанды халықаралық қатнасықлардың толық ҳуқықлы ағзасына айландырыў бойынша ҳәрекетлер даўам еттирилип атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, Президентимиздиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да абырайлы халықаралық әнжуманларда аўған мәселеси бойынша бирдей позициядағы шығыўлары келтирип өтилди.

Еллеримиз арасында аўыл хожалығы, ирригация, энергетика, транспорт, саўда ҳәм басқа да бағдарларда еки тәреплеме сөйлесиўлер жедел түрде даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Аўғанстанды регионаллық бирге ислесиўге тартыў мақсетинде мәмлекетте экономикалық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў және гуманитарлық жәрдемлерди даўам еттириўге итибар қаратылмақта.

Сондай-ақ, сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Аўғанстан шегараларында қол қатылмаслықты сақлаў, шегара пунктлеринде кириў-шығыў режимин буннан былай да жетилистириў, наркотик затлардың нызамсыз айланысына ҳәм терроризмге қарсы гүресиў бағдарларында бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Сол күни Аўғанстан Қорғаныў министри Молла Муҳаммад Ёқуб ҳәм Ишки ислер министри Сирожиддин Ҳаққоний менен де ушырасыўлар болып өтти.

Бул ушырасыўлар Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасындағы қатнасықларды дослық ҳәм жақын қоңсышылық руўхында раўажландырыўға хызмет етеди.

ӨзА