Аргентинада Colgate тис пасталарын сатыў қадаған етилди

99

Аргентина Дәри-дәрмақлар, азық-аўқат ҳәм денсаўлықты сақлаў технологияларыныӊ сапасын қадағалаў миллий уйымы (АNМАТ) Colgate Total Clean Mint тис пастасын мәмлекетте сатыўды қадаған етти.

Регулятор буны тутыныўшылардың усы тис пастасынан пайдаланғаннан соң аўызда тырнаў қәсийетине байланыслы шағымлар санының көбейип атырғаны менен түсиндирди. Аргентинада тутыныўшылар 21 усы сыяқлы шағым менен мүрәжат еткен, бирақ АNМАТ Бразилияда тап усындай тис пастасы бойынша ҳәзирдиң өзинде 11 мыңнан аслам шағым келип түскенин атап өтеди.

Май айында Бразилия регуляторы оны сатыўды қадаған еткен еди. Хабар берилиўинше, тутыныўшылар бул тис пастасын қолланғаннан соң аўызда тырнаў қәсийети, соның ишинде, тис етиниң исиўи ҳәм аўыратуғын жаралар пайда болғанлығы, айырым жағдайларда медициналық жәрдемге мүрәжат етиўге туўра келгенлигинен шағым еткен.

АNМАТ Бразилиядағы заводта ислеп шығарылған Colgate Total Clean Mint тис пастасы еки мәмлекетте де сатылатуғынын атап өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги