Подкастлар: жаӊа медиа, жаӊа жуўапкершилик

111

Мәлимлеме технологияларының раўажланыўы журналистика тараўында жаңа бағдарлардың қәлиплесиўине түртки болмақта. Мине, усындай заманагөй медиа форматларынан бири бул – подкастлар. Соңғы жыллары пүткил дүньяда, атап айтқанда, Өзбекстанда да бул жанр ғалаба ен жайып бармақта. Енди журналист тек ғана газета ямаса телевидение арқалы емес, ал қолайлы ҳәм ықтыярлы еситилетуғын аудио платформалар арқалы да өз пикирин жеткериўи мүмкин.

Бул контент түри дәслеп кеўил ашар бағдарда қәлиплескен болса да, кейин ала журналистлик талқылаў, интервью, ҳүжжетли гүрриңлер, жаңалықлар шолыўы сыяқлы формаларда раўажланды. Подкастлардың журналистлик әҳмийети сонда, олар анық аудиторияға қаратылған болады. Мәселен, жаслар, ҳаяллар, сиясаттаныўшылар ҳәм басқалар.

Еркинлик дәрежесиниң жоқарылығы – автор өз позициясынан келип шығып тема бойынша пикирлерин ашық билдиреди. Бул болса подкастлар журналистиканың тийкарғы тармақларынан бирине айланып баратырғанынан дәрек береди. Сапалы таллаў ҳәм терең сәўбетлер ушын имканият жаратып береди. Анық ўақыт ҳәм орынға байланыслы болмаған ҳалда еситилиўи мүмкин. Яғный, пайдаланыўшы ушын жүдә қолайлы.

Айырым қәнигелер подкастты “аудио мақала” деп те атайды. Бул тәреп оларды блоглар ҳәм дәстүрий мақалаларға жақынластырады. Солай болса да, профессионал редакторлаў ҳәм даўыс сапасы подкастларды ғәрезсиз медиа өним сыпатында көриўге тийкар болады.

Подкастлардың дәрежеси олардың идеясы, алып барыўшылардыӊ тили, даўыс сапасы ҳәм ең әҳмийетлиси – мазмунына байланыслы. Жақсы подкаст тыңлаўшыларға жаңа билимлер береди. Әҳмийетли турмыслық машқалаларды сәўлелендиреди. Сондай-ақ, аудиторияға таныс даўыс ҳәм дослық тон арқалы тәсир етеди.

Мәселен, ҳуқықый саўатлылық, руўхый саламатлық, ҳаял-қызлар ҳуқықы, билимлендириўдеги реформалар, исбилерменлик ҳәм жеке раўажланыў сыяқлы темалары ең көп еситилип атырған бағдарлардан бири болып бармақта.

Подкастлар әсиресе жаслар арасында белгили. Олар YouTube, Instagram, Spotify платформаларында қәлеген ўақытта еситилиўи, көбинесе интерактив түрде тартыўы, аудитория менен тығыз байланысқа кирисе алыўы менен ғалаба ен жаймақта.

Соңғы жыллары Өзбекстанда подкаст бағдарында сезилерли өсиў бақланбақта. Дәслеп, бул тек ғана блогерлер ямаса альтернатив медиа ўәкиллериниң басламасы болса, ҳәзирги ўақытта ири ҒХҚ да подкастлар арқалы жумыс ислеп баслады. Атап айтқанда, “Lolazor”, “Kun podkasti”, “Daryo” подкастлары усылар қатарына киреди. Подкастлар арқалы да социаллық машқалалар, әҳмийетли темалар, жеке гүрриңлер ҳәм эксперт таллаўлар кеңнен сәўлелендирилмекте. Бул – медиа майданының жаңа басқышқа өткенин аңлатады.

Буннан тысқары, көплеген жеке брендлер, стартаплар ҳәм блогерлер де өз аудиториясына сәйкес подкастлар жаратпақта. Бул болса медиа базарына бәсекини алып киреди ҳәм сапаны арттырады. Подкастларда бағдар көзқарасы да ҳәр қыйлы. Мәселен, айырым подкастларда коррупция, жумыссызлық, билимлендириўдеги машқалалар, денсаўлықты сақлаўдағы машқалалы мәселелер талланады. Бул түрдеги подкастлар рәсмий дереклер ҳәм экспертлердиң пикири тийкарында таярланып, тыңлаўшыға қалыс ҳәм терең таллаў усынады.

Жеке турмыстағы табыс тарийхлары да тыңлаўшылар ушын оғада қызықлы бағдар. Бул подкастларда көркем өнер ғайраткерлери, спортшылар, исбилерменлер ҳәм қәнигелер қатнасып, өз турмысы, жетискенликлери ҳәм қыйыншылықлары ҳаққында сөз етеди. Бул түрдеги контент мотивациялық руўхта болып, жаслар арасында жүдә кеӊ тарқалған.

Подкастлардың бар екенлиги жақсы-дә, бирақ айырым кеўил ашар подкастлардың мазмун-мәниси ҳәм оларда сәўлелендирилип атырған темалар адамды ойландырады. Бул майданда бир қәўипли тенденция бақланбақта. Ҳәр қандай шахсты ямаса қәдириятты үгит-нәсиятласа да, подкастларға мирәт етиў дәстүрге айланып қалғандай.

Бүгин айырым подкастлар “тыңлаўшылар саны”, “тема даўрықлы шықсын” деген нийетте жеке өмирин социаллық тармақларда көрсетип жүрген, тәрбиясыз гәп-сөзлерден қайтпайтуғын, жеңил-желпи турмыс тәризин ашықтан-ашық үгит-нәсиятлайтуғын шахсларды студияға шақырмақта. Ең ашынарлысы, бул мийманлар өзлериниң бундай өмир жолларын “әрман”, “мақсет”, “еркинлик” деп талқылайды ҳәм әне, усы жерде инсан санасында надурыс түсиниклер қәлиплесиўи мүмкин.

Тилекке қарсы, бүгинги күнде “көпшиликке танылыў” әдеп-икрамлылық, зиялылық ямаса жетискенликлер менен емес, көбирек пиар, тартыслы постлар ҳәм социаллық тармақлардағы белсенди “контент” пенен өлшенбекте. Соның нәтийжесинде подкаст баслаўшылары да мийман таңлаўда “ким көбирек көриледи?” деген сораўға байланыслы болып қалмақта. Нәтийжеде микрофон артында социаллық жуўапкершиликти сезбейтуғын инсанлар отырып, оларды тыңлап атырған мыңлаған инсанлардың қәлбинде алжасықлар пайда болмақта.

Дурыс, сөз еркинлиги – демократиялық жәмийеттиң белгиси. Бирақ еркинлик ҳеш қашан тәрбиясызлыққа, әдеп-икрамлылық нормаларын бузыўға себеп бола алмайды. Әсиресе, медиа әлеминде, көп санлы аудитория алдында сөйлеп атырған ҳәр бир инсан – журналист, блогер, подкастшы болсын, өз сөзиниң ақыбетин терең аңлаўға мәжбүр.

Подкастлар мәденият, ағартыўшылық, пикирлеў майданы болыўы керек. Ол жерге мирәт етилген ҳәр бир мийман жаслар ушын үлгили шахс, ибратлы тәжирийбе ийеси, социаллық жуўапкершиликти сезетуғын инсан болыўы керек. Болмаса, жәмийетлик санада надурыс қәдириятлар тамыр жайып, жәмийетти иштен ыдыратыўы ҳеш гәп емес.

Заманагөй аудиторияға ерисиў, тыңлаўшы менен байланысыў ҳәм журналистиканың жаңа имканиятларын сынап көриў ушын подкастлар әйне пайытта керек. Усы мақсет жәрдеминде ҳәм руўхыйлыққа, ҳәм жәмийетке тәсир көрсетиў мүмкин. Оны қалай пайдаланыў болса биз – медиа ўәкиллери, дөретиўшилер, контент жаратыўшылардың әдеп-икрамлылық таңлаўына байланыслы. Жуўапкерли болайық. Себеби ҳәр бир эфир кимниңдур өмирин өзгертеди.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА