Нөкисте таза ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланбақта
Елимизде халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, олар ушын қолайлы ҳәм саламат турмыс шараятын жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Әсиресе, халықты таза ишимлик суўы менен үзликсиз тәмийинлеў мәселеси Президентимиздиң басламалары менен әмелге асырылып атырған реформалардың орайында тур.
Усы мақсетте, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январьдағы 98-санлы қарарына тийкарланып Нөкис қаласындағы суў тазалаў имаратында кең көлемли реконструкция жумыслары алып барылмақта. Жойбарды әмелге асырыў ушын мәмлекет тәрепинен 74,9 миллиард сум қаржы ажыратылған.
Ҳәзирги күнде бул имарат арқалы күнине 60 мың куб метр таза ишимлик суўы 279 мың халыққа жеткерип берилмекте. Реконструкция жуўмақланғаннан соң, обекттиң өндирислик қуўатлылығы күнлик 90 мың куб метрге жеткериледи ҳәм нәтийжеде 344 мыңнан аслам халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў имканияты жаратылады.
Буннан тысқары, реконструкциядан соң имаратта 140 мың куб метр суўды тындырып, сақлаў имканияты пайда болады. Бул болса суў тәмийнатында турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болады.
Ҳәзирги ўақытта қурылыс-монтажлаў жумыслары жедел пәтлерде даўам етпекте. Режеге муўапық, жақын ўақыт ишинде бул имарат толық қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылады. Бул жойбардың әмелге асырылыўы арқалы Нөкис қаласы ҳәм жақын әтираптағы елатлы пунктлерде жасайтуғын пуқаралар ушын таза ишимлик суўы тәмийнаты және де жақсыланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги