Ашықтан-ашық пикирлесиў ҳәм нәтийжели шешимлер

Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссияның баслығы Қаҳрамон Қуронбоев Қарақалпақстан Республикасына келди. Сапар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында мәҳәллелерде жаслар менен ислесиўди муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссияның мәжилиси болып өтти. Мәжилисте жуўапкерлерге бир қатар анық тапсырмалар берилди, жаслар менен ислесиўдеги машқалалар ҳәм олардың шешимлери додаланды.

Қаҳрамон Қуронбоев Нөкис қаласындағы «Ғәрезсизлик» мәҳәллесинде жайласқан «IT Парк»ке де барып, қәбилетли жаслардың стартап жойбарлары ҳәм Президент қарарлары (ПҚ-153 ҳәм ПҚ-62) тийкарында жер ҳәм кредит алған жаслардың жумыслары менен танысты. Жаслар менен ашықтан-ашық пикирлесиў өткерилип, олардың усыныс ҳәм басламалары тыңланды.

Сапар шеңберинде «Айдын жол» мәҳәллесинен Назира Жақсымуратованың шаңарағына да барылды. 21131-әскерий бөлим командири Ғолиб Тошниёзовқа бириктирилген бул жастың үйи қайта оңлап берилди.
Сондай-ақ, «Жасыл бағ» мәҳәллесинде жайласқан НМПИ студентлери ушын «Әҳмийетли 90 күн» шеңберинде шөлкемлестирилген «Студентлер дем алыў орайы»на да барып, жаслар ушын жаратылған шараятлар көзден өткерилди.

Сапар етиўдиң және бир әҳмийетли бөлеги Әмиўдәрья районындағы мәҳәллелердиң биринде ПҚ-153-санлы қарар тийкарында жер ажыратылған жас фермер менен ушырасыў ҳәм оның дийқаншылық жумысы менен жақыннан танысыў болды.
Сапар даўамында жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиў, олардың машқалалары, арзыў-нийетлери ҳәм мәмлекет тәрепинен жаратылып атырған имканиятлардың әмелдеги нәтийжелерине айрықша итибар қаратылды.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы