Сенатта меншиклестириў процесслеринде жол қойылып атырған кемшиликлер сынға алынды

94

Сенат кенгашиниң гезектеги мәжилисинде парламентлик қадағалаў шеңберинде экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў ҳәм меншиклестириў процесслерин жеделлестириўге қаратылған илажлардың орынланыўы додаланды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў, мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў арқалы исбилерменликти раўажландырыў бойынша системалы реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, 2021-2024-жылларда устав фондында мәмлекетлик үлеси бар 500 ден аслам хожалық жәмийети ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары ҳәм 3,4 мыңға шамалас көшпес мүлк объектлери меншиклестирилди. Мыңнан аслам кәрхана сапластырылып, 964 и қайта шөлкемлестирилди.

Мәмлекетлик активлердиң меншиклестирилиўи нәтийжесинде дерлик 36 мың жаңа жумыс орны жаратылды. Исбилерменлерге және де қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған избе-из илажлардың нәтийжесинде 50 ден аслам мәмлекетлик хызмет жеке меншик секторға берилди.

2024-жылдың ноябрь айында биринши мәрте “Халықшыл IPO” бағдарламасы шеңберинде Республикалық товар-шийки зат биржасының 3 миллионнан аслам акциясы халыққа сатылып, 11 мыңға шамалас адам акционерге айланды.

Банк системасын реформалаў стратегиясы шеңберинде 3 банктиң меншиклестирилгени ҳәм 8 жаңа жеке меншик банк шөлкемлестирилгени есабынан мәмлекетлик банклердиң улыўма активлердеги үлеси 85 проценттен 65 процентке қысқарды.

Сенаторлар меншиклестириў бойынша аймақлар ҳәм тармақларда пайдаланылмай атырған имканиятлар, бос турған орынларды экономикалық активке айландырыў, аукционға қойылған таяр имаратларды сатыўда жол қойылған кемшиликлерге де итибар қаратты. Соның ишинде, министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының қарамағындағы айырым бос турған имарат ҳәм объектлер ғалабалық саўдаларға шығарылмаған. 10 нан аслам мәмлекетлик активлер дерлик бир жылдан берли аукционда сатылмаған болса да, олардың басланғыш баҳасын төменлетиў механизминен пайдаланылмаған.

Аймақтың қәнигелесиўи, коммуникация өткериў имканияты үйренилместен исбилерменлик жумысы ушын аукционға шығарылған 1,9 мың гектарға шамалас жер майданлары дерлик 1 жылдан берли сатылмаған.

Социаллық дәптерлерге киргизилген жумыссыз халықтың бәнтлигин тәмийинлеген исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик мүлктеги имарат ҳәм объектлерди ижараға бериў бойынша енгизилген жеңилликлерден дерлик пайдаланылмаған.

2024-жылы айырым ўәлаятларда мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин сатыўдан түскен қаржылар толық ўәлаят бюджетине өткерилип, объект жайласқан район (қала) бюджетине ажыратпалар әмелге асырылмаған.

Мәжилисте меншиклестирилетуғын ҳәм ижараға берилетуғын мәмлекетлик мүлк, оны сатып алыў бойынша жаратылған имканиятлар менен жеңилликлер ҳаққында халық ҳәм исбилерменлерди кеңнен хабардар етиў, үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў мәселелерине жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атырғаны сынға алынды. Бул бағдарда ҳәким жәрдемшилериниң жуўапкершилигин арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, халық депутатлары жергиликли кеңеслерине экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў ҳәм мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын мониторинг етиў, муниципал мүлкти меншиклестириў жағдайы ҳаққында жуўапкер уйымлардың есапларын сессияларда тыңлаў ҳәм тийисли илажлар белгилеў бойынша усыныслар берилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА