Авиабилетти қайтарыўда машқалаға дус келмеў ушын не ислеў керек?

136

Гейде ҳәр қыйлы себеплерге бола режелестирилген сапарды бийкарлаўға туўра келеди. Мине, усындай жағдайларда сатып алынған авиабилетти қалай қайтарыў мүмкин екенлигин ҳәм қандай ҳуқықларға ийе екенлигимизди билиў жүдә әҳмийетли.

Билет қайтарыў ўақтында машқалаға дус келмеў ушын тутыныўшылар нелерди билиўи керек?

Бәсеки комитетиниң бас қәнигеси Аҳрорхон Аҳмедовтың сөзлерине бола, “Авиабилетти қайтарыўда тутыныўшылар, бәринен бурын, авиакомпания тәрепинен белгиленген шәртлер менен танысып шығыўы керек.

– Авиабилетти басқа сәнеге яки ўақытқа қайта рәсмийлестириўге туўра келсе, илажы барынша ертерек оны сатып алған жерге (мәселен, авиакомпанияға, туристлик агентликке яки авиакассаға) мүрәжат етиў керек, – дейди Аҳрорхон Аҳмедов. – Гейде билетти телефон яки интернет арқалы қайта рәсмийлестириў мүмкин болады, айырым жағдайларда болса буның ушын пул да талап етилмейди. Авиабилетти алмастырғанда яки қайтарып тапсырғанда авиакомпания барлық пулларды қайтарып бермеўи мүмкин. Буннан тысқары, барлық ўақытта да билетти алмастырыў яки қайтарып тапсырыў мүмкин болмайды. Булар әсиресе, арзан, акциялар менен сатып алынған билетлерге тийисли. Қымбатырақ яки жоқары класста болған билетлерди алмастырыў аңсатырақ ҳәм жәриймалары аз болады.

Авиабилетлерди қайтарыўдың өзине тән шәртлери бар. Өзбекстан Республикасы Ҳаўа кодексиниң 104-статьясына тийкарланып Жолаўшы ҳаўа транспортында тасыў шәртнамасы әмел етип турған қәлеген ўақытта – жолаўшы ушын орын бронлап қойылған ҳаўа кемеси пәрўазынан алдын яки пәрўаздан кейин жөнелис мәнзиллеринен биринде ҳаўа транспортында тасыў шәртнамасын бийкарлаў ҳәм тасыўшының тарифлерин қолланыў қағыйдаларында белгиленген тәртипте тасыў ушын төленген сумманың барлығын яки бир бөлегин алыў ҳуқықына ийе.

Улыўма яки белгили дәрежеде пайдаланылмаған авиабилетлер ушын пулды қайтарып бериў, сатыў қағыйдаларына бола қайтарылмайтуғын авиабилетлерден тысқары, тасыўлар сатылған мәмлекетте әмелге асырылады.

Қайтарылатуғын сумма тасыўлар ушын дәслеп қандай валютада төленген болса, сол валютада әмелге асырылады. Егер жолаўшы билетти дәслеп сатып алған орнына қайтып келе алмаса, сумма оның исенимли шахсына, юридикалық рәсмийлестирилген исеним хаты тийкарында қайтарылады.

Самолёт билетлерин қайтарыўда тутыныўшы өз ҳуқықларын жақсы билиўи, билет түри ҳәм авиакомпания шәртлери менен таныс болыўы әҳмийетли. Егер олардың ҳуқықлары бузылса, тийисли мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етиў арқалы машқаланы шешиў имканияты бар.

ӨзА