Өзбекстан ЖДСШға ағзалық жолында Швейцария менен де сөйлесиўлерди жуўмақлады

146

21-июль, дүйшемби күни Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкемине қосылыў бойынша Швейцария менен еки тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлады. Бул ҳаққында Президенттиң Жәҳән саўда шөлкеми бойынша ўәкили Азизбек Урунов мәлим етти.

Уруновтың жазыўынша, тәреплер Женевада Өзбекстанның ЖСШға қосылыў процеси шеңберинде Швейцария менен базарға кириў бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлаў ҳаққындағы протоколға қол қойған.

“Соңғы дизимге ЖДСШның және бир ағзасы қосылды. Және бир  неше ағзалар қалды!

Өзбекстан ҳәм Швейцария командаларының машақатлы ҳәм конструктивлик мийнетлери ушын өз миннетдаршылығымызды билдирмекшимен!

Узақ дизим тамам болды, артқа санаў басланды!” – деп жазады Азизбек Урунов өзиниң LinkedIn’деги бетинде.

Усы тәризде, Швейцария Өзбекстан базарға кириў бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлаў ҳаққындағы протоколға қол қойған 25-мәмлекет болды.

Еслетип өтемиз, бираз алдын Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процеси бойынша Уллы Британия менен еки тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлағаны хабар етилген еди.

Сондай-ақ, май айында Президент Шавкат Мирзиёев жылдың ақырына шекем қалған 9 мәмлекет пенен ЖСШға ағза болыў бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлаў, жумысшы топардың және еки мәжилисин өткериў ҳәм оның жуўмақлаўшы есабатының жойбарын таярлаўды жуўмақлаў бойынша тапсырма берген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги