Өзбекстан энергетика базарына Әзербайжан компаниясы да кирип келмекте

Өзбекстан Әзербайжанның SOCAR компаниясы менен Үстирттеги кәнлерде излеў өткерип, нефть қазып алыў бойынша келисимге ерискен. Бул ҳаққында энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов Өзбекстан 24 телеканалына берген интервьюинде мәлим етти.
21-июль күни Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында болып өткен нефть-газ тараўында сырт елли бирге ислесиўшилер менен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға бағышланған таныстырыўда Президент бар кәнлерде нефть ҳәм газ қазып алыў көлемин арттырыў бойынша көрсетпелер берген. Атап айтқанда, Әзербайжанның SOCAR мәмлекетлик компаниясын перспективалы участкаларда геологиялық-излеў жумысларына тартыў, ҳүжжетлердиң таярлығы ҳәм жумысларды жеделлестириўге байланыслы жағдай додаланды.
Министрдиң айтып өтккениндей, бул презентацияда өнимди бөлистириў ҳаққындағы еки тәреплеме келисимге усы ҳәптениң ақырына шекем қол қойылыўы режелестирилген.
“Президенттиң мәмлекетлик сапары даўамында Үстирт регионындағы кәнлерде нефть излеў ҳәм қазып алыў бойынша SOCAR менен келисимге ерисилди. Қысқа ўақыт ишинде барлық ҳүжжетлер таярланды ҳәм ҳәптениң ақырына шекем (өнимди) бөлистириў ҳаққындағы келисимге қол қойыў режелестирилген,” – деди Мирзамаҳмудов.
Сондай-ақ, мәмлекет басшысы келисим шеңбериндеги жумысларды жеделлестириў, айлар кесиминде ҳәм 2025-жылдың ақырына шекем анық ўазыйпаларды белгилеў бойынша тапсырма берген.
“Сырт елли бирге ислесиўшилер менен жумысларды бюрократиялық тосқынлықларды бийкар еткен ҳалда жаңа усыл тийкарында алып барыў режелестирилмекте,” – деп атап өтеди Мирзамаҳмудов.
Мағлыўмат ушын, 2024-жыл август айында “Өзбекнефтьгаз” ҳәм SOCAR нефть-газ тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойған,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги