Лазерли нур тарқатқышлардың нызамға қайшы айланысы ушын жуўапкершилик белгиленбекте

Соңғы ўақытларда портатив лазерли нур тарқатқышларды Өзбекстан Республикасына нызамға қайшы түрде алып кириў ҳәм олардан пайдаланыў жағдайларының көбейиўи пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына, ҳаўа кемелери пәрўазларының қәўипсизлигине, жәмийетлик тәртипке жоқары дәрежедеги қәўиплерди пайда етпекте.
Мағлыўматларға бола, 2024-жылы портатив лазерли нур тарқатқышларды Өзбекстан аймағына нызамсыз алып кириўге байланыслы 55 жағдай анықланған болып, 18 мың 845 нур тарқатқыш алып қойылған. Министрлер Кабинетиниң 2013-жылдағы тийисли қарары менен бундай қуралларды мәмлекетимизге алып кириў ҳәм сатыў қадаған етилген болса да, олардың нызамға қайшы айланысы ушын жуўапкершилик белгиленбеген.

Соннан келип шығып, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир топар депутатлары тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған “Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары менен портатив лазерли нур тарқатқышлардың нызамға қайшы айланысы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.
Бул нызам жойбары төменги палата мәжилисинде биринши оқыўда көрип шығылды. Атап өтилгениндей, нызам жойбарында портатив лазерли нур тарқатқышлардың айланысы тараўында қадағалаў ҳәм тәсир илажларының нәтийжелилигин арттырыў, бул тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм оннан жәбирлениў жағдайларын сапластырыў нәзерде тутылған.
Додалаўларда жойбардың әҳмийетли екенлиги, жуўапкер комитет тәрепинен пуқта исленгени атап өтилип, екинши оқыўда да статьяма-статья көрип шығылды ҳәм мақулланды.
ӨзА