Сенатта “Ашықлық индекси” бойынша “қызыл” деп баҳаланған шөлкемлердиң жумысы додаланды

Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети мәжилисинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысының 2024-жылғы “Ашықлық индекси” нәтийжелери бойынша “қызыл” категорияда баҳаланған шөлкемлердиң жумысы додаланды.
Соның ишинде, Кинематография агентлиги ҳәм Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы жуўапкерлериниң мәлимлемелери тыңланды.
Бул шөлкемлер тәрепинен ашық-айдынлықты тәмийинлеўге байланыслы нызамшылық талапларына әмел етиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди. Кинематография агентлиги 2024-жылы 25 ҳүжжетли, 15 қысқа метражлы ҳәм 20 толық метражлы көркем фильм ислеп шығарған. Солардан 11 и кинопрокатқа шығарылған, 5 еўи телеканаллар арқалы көрсетилген. Миллий сериаллар ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде телеканалларға 12 миллиард сум субсидия ажыратылған.
Инспекция болса 2023-2025-жылларда жанылғы-энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша 93 мың 938 тутыныўшыны профильактикалық қамтып алған. Қадағалаў илажлары нәтийжесинде 3 триллион сумлық энергия ресурсларын талан-тараж етиў жағдайлары анықланып, 12 мың 719 ҳәкимшилик акт ҳәм 770 жағдайда экономикалық жәрийма қолланылған.
Соның менен бирге, тараўларда бир қатар системалы машқалалар да сақланып қалып атырғаны атап өтилди. Соның ишинде, Кинематография агентлиги 2022-жылдың жуўмақларында 84 баҳалаў критерияларынан тек ғана 35 ин толық орынлаған, 19 критерия бойынша мағлыўматлар болса толық жәрияланбаған. Агентлик 3 жыл избе-из – 2022-жылы 47,4 балл, 2023-жылы 26,6 балл ҳәм 2024-жылы 30,4 балл көрсеткиш пенен “қызыл” категорияда баҳаланған.
Инспекция 2023-жылы 84 критериялардан тек ғана 22 ин толық орынлаған ҳәм 8 критерия бойынша мағлыўматларды жәриялаўда кемшиликлерге жол қойған. Инспекция да 2023 ҳәм 2024-жылларда сәйкес түрде 34,4 ҳәм 51 балл менен “қызыл” категорияға киргизилген.
Мәжилис жуўмағында комитет қарары қабыл етилип, бул шөлкемлердиң жумысында ашық-айдынлық дәрежесин арттырыў, мәлимлемеден пайдаланыўда жәмийетшилик ушын ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында бир қатар анық ўазыйпалар белгиленди.
Н.Абдураимова,
ӨзА