Патрул-пост хызмети басшылығына ҳәкимшилик протоколларды көрип шығыў ўәкиллиги берилмекте

Парламент төменги палатасының мәжилисинде мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасы ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў тараўына байланыслы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды. Бул нызам жойбарының мазмуны ҳәм оны екинши оқыўға таярлаў даўамындағы өзгерислер ҳаққында комитет баслығы У. Шерматов толық мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, криминоген жағдай аўыр мәҳәллелерде жағдайды турақластырыў ҳәм жынаятлардың ерте алдын алыў мақсетинде мәҳәлле ҳуқық-қорғаў орынларының жумысы жетилистирилип, профилактика бас ҳәм киши инспекторы лаўазымлары енгизилген. Бирақ, ишки ислер уйымлары системасындағы жумысларды көриў ҳәм илажларды қолланыў ўәкиллиги тек ғана мәҳәлледеги профилактика инспекторларына берилген болып, бундай ўәкиллик ҳуқық қорғаў орынларындағы бас ҳәм киши инспекторларында жоқ.

Сол себепли, бул нызам жойбары менен ҳуқық қорғаў орынларындағы усы инспекторларға ҳәкимшилик жумысларды көриў ҳәм илажларды қолланыў ўәкиллиги берилмекте.
Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта ишки ислер уйымларының патруль-пост хызмети инспекторларына анықланған айырым ҳуқықбузарлықлар бойынша ҳәкимшилик протоколларды рәсмийлестириў ўәкиллиги берилген болса да, бул ҳәкимшилик протоколлар бойынша илажларды қолланыў ўәкиллиги системадағы басқа да лаўазымлы шахсларға, соның ишинде, жумыс жүклемеси үлкен болған район (қала) лық ишки ислер бөлимлериниң баслықлары ҳәм орынбасарлары, транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў бөлимлериниң баслықлары және профилактика инспекторларына жүкленген. Бул болса артықша ўақыт жумсалыўына себеп болмақта. Сол себепли бул нызам жойбары менен патруль-пост хызметиниң лаўазымлы шахслары тәрепинен дүзилген ҳәкимшилик протоколларды көрип шығыў ўәкиллиги олардың басшылығына да берилмекте.

Нызам жойбарындағы нормалар мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, ўақыт ҳәм ресурсларды үнемлеўге хызмет етеди.
ӨзА