Берунийли Гулнозаның мийнет сүйгишлиги басқаларға үлги болмақта

Беруний районындағы Мақтымқулы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “SURXON INTEGRAL” фермер хожалығының ис жүргизиўшиси Гулноза Джуманиязова жас болыўына қарамастан, әкесиниң 114 гектар майданға ийе фермер хожалығын табыслы басқарып келмекте. Гулноза, ҳаял сыпатында аўыл хожалығында өз орнын тапқанлығы менен мақтанады.
Оның атап өтиўинше, хожалықтың 45 гектар майданында шәртнама тийкарында пахта жетистириледи. Қалған 10 гектар жерге жоңышқа, 3,5 гектар жерге помидор, және 3,5 гектар жерге қыяр, ал 27 гектарына қаўын-ғарбыз ҳәм асқабақ егип, өнимлерин жергиликли халыққа ҳәм қоңсылас ўәлаятларға сатпақта. Бул арқалы тек ғана дәрамат табылып қоймастан, ал халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге де үлес қосылады.
– Неге ҳаял бола турып, дийқаншылық тараўын таңладыңыз, бул қыйыншылық туўдырмай ма? деген сораўға:
– Яқ, бул мениң ата кәсибим. Соның менен бирге, шаңарақ ағзаларымның қоллап-қуўатлаўы ҳәм мәмлекетимиздиң фермерлер ҳәм исбилерменлерге берип атырған жеңилликлери, жаратылып атырған имканиятлар маған күш-қуўат бағышлайды. Пурсаттан пайдаланып, жаратылып атырған усындай кең мүмкиншиликлер ушын Президентимизге ҳәм район басшыларына өз миннетдаршылығымды билдиремен,-деп жуўап берди Гулноза.
Гулноза Джуманиязованың табыслары аўыл хожалығында ҳаял-қызлардың орны барған сайын беккемленип атырғанының айқын дәлили, десек болады. Ол өзиниң мийнет сүйгишлиги ҳәм пидәкерлиги менен басқаларға үлги болмақта.
Жумыслары ҳаққында жақсысы өзинен еситсек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.