Қытайлы шыпакерлер ракқа жаңаша шыпа тапты
102

Қытайлы илимпазлар қан рагине қарсы жаңаша терапияны сынақтан табыслы өткерди, деп хабар берди South China Morning Post.
Тәжирийбеде қатнасқан төрт наўқастың жағдайы жақсыланыўды баслаған.
Жаңа усылдың тийкары – вирус, ол организмде тек ғана рак клеткаларын таңлап жоқ ететуғын механизмди иске қосады.
Емлениў баҳасы – 130 000 доллар әтирапында, жүдә көп ақша, бирақ усы ўақытқа шекемги емлеў усылларынан төрт есе арзан.
Бул ҳәммеси емес, айтыўларына қарағанда, қытайлылар енди астма ҳәм аутоиммун кеселликлерди емлеўде де жаңаша усылды қолланыў ҳаққында бас қатырып атыр,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги