Тесттен кейин абитуриент нелерди таңлайды?

Өткен жылдан баслап тестке шекем тек пәнлер комплекси таңланады. Қалған әҳмийетли таңлаўлар болса тесттен кейин әмелге асырылады.
- Бағдар таңлаў.
Абитуриент 5 еўге шекем бағдарды таңлаўы мүмкин. Бул бағдарлар абитуриент тапсырған пәнлер комплексине сәйкес болыўы керек. ЖОО таңлаўда ҳеш қандай шеклеў жоқ, яғный пәнлер сәйкес келсе, қәлеген жоқары оқыў орнындағы қәлеген бағдарды таңлаў мүмкин.
Дизимнен өтиўде таңланған бағдар ўақытша еди. Яғный, ўақтынша, мысал ретинде көрсетилген. Тийкарғы ҳәм ҳақыйқый таңлаў тесттен кейин әмелге асырылады. Соның ушын алдын таңлаған бағдарды биймәлел өзгертиў мүмкин.
- Билимлендириў түрин таңлаў.
Абитуриент төмендеги билимлендириў түрлеринен бирин таңлайды: күндизги, кешки ямаса аралықтан. Оларды ҳәр қыйлы бағдарларға араластырып таңлаў да мүмкин. Мәселен, биринши ҳәм екинши бағдар ушын күндизги, үшиншиси ушын кешки, төртинши ҳәм бесинши ушын аралықтан турыўшы форманы таңлаў мүмкин.
Қайсы жоқары оқыў орнында қайсы түр бар екенлигин квоталар тастыйықланғаннан кейин билесиз.
- Таңлаў үстинлигин белгилеў
Абитуриент таңлаўда неге көбирек итибар беретуғынын белгилейди: мәмлекетлик грант па ямаса бағдар ма.
Егер “қайсы бағдар болыўына қарамастан, тек грантқа кириўим керек” десе, үстинлик грантқа бериледи.
Егер “тап усы бағдарда оқыўым керек, ҳәттеки контракт болса да мейли” десе, үстинлик бағдарға бериледи.
Әҳмийетли сәнелер
14-23-июль күнлери тест сынақлары өткериледи. Ҳәр бир абитуриент тесттен ертеңине нәтийжесин билип алады. Барлық тестлер жуўмақланғаннан соң, бағдар, билимлендириў түри ҳәм үстинликти таңлаў ушын 15 күн мүддет бериледи. Буннан кейин улыўма мандат қәлиплестириледи. Мандат нәтийжелери шама менен 17-августта жәрияланады.
Егер абитуриент ЖООға кире алмаса, оннан кейин колледжлерге ҳәм техникумларға ҳүжжет тапсырыў ушын және 10 күнлик имканият бериледи.
ӨзА