Өзбекстан Турақлы раўажланыў глобал индексинде 19 текше жоқарылады

Турақлы раўажланыў шешимлери тармағы (Sustainable Development Solutions Network – SDSN) тәрепинен 2025-жыл ушын жәрияланған Турақлы раўажланыў есабаты рейтингинде Өзбекстан 73 балл менен 62-орынды ийеледи (шама менен 45 процент мақсетлерге ерисилген ямаса ерисиў процесинде).
Мағлыўмат ушын: бул есабат SDSN тәрепинен еркин баҳалаў тийкарында таярланып, Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ) тараўында мәмлекетлердиң раўажланыў дәрежесин жыллық тийкарда анықлап барады.
Бул тармақ Колумбия университетиниң профессоры ҳәм БМШ Бас хаткериниң ТРМ бойынша кеңесгөйи профессор Жеффрей Сачс тәрепинен шөлкемлестирилген.
Өзбекстан усы жылы 2024-жылға салыстырғанда 19 текше жоқарылады ҳәм Орайлық Азия ҳәм Шығыс Европа мәмлекетлери арасында 2015-жылдан берли ең тез өсип атырған мәмлекет сыпатында тән алынды, делинеди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматында.
Быйылғы жылдың 24-июнь күни усы Есабаттың онлайн презентациясы өткерилип, онда профессор Жеффрей Сачс, Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Умид Обидхўжаев, Африка раўажланыў банкиниң вице-президенти Кевин Чика Урама, Тсинхуа университетиниң профессоры Девид Ли, Пенсилвания университетиниң профессоры Еугение Бирк, SDSN вице-президенти Гуиллауме Лафортуне ҳәм басқа да абырайлы халықаралық экспертлер қатнасты.
Илаж шеңберинде министрдиң орынбасары Умид Обидхўжаев Өзбекстанда Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бағдарында әмелге асырылған реформалар ҳәм бар миллий қаржы механизмлерине тоқтап өтти. Сондай-ақ, глобаллық қаржы системасын реформалаў, төмен ҳәм орта дәраматлы мәмлекетлер ушын узақ мүддетли ҳәм қолайлы қаржыландырыў имканиятларын кеңейтиў мәселелери додаланды.

Профессор Жеффрей Сачс өзиниң шығып сөйлеген сөзинде төмендегилерди атап өтти:
“Турақлы раўажланыўға ерисиўде ең биринши гезекте мәмлекеттеги сиясий жетекшилик айрықша әҳмийетке ийе. Онда тек ғана ишки ҳәм сыртқы ресурсларды бағдарлаў емес, ал олардың нәтийжелилигин тәмийинлеў зәрүр.”
Атап айтқанда, профессор Жеффрей Сачс ҳәм Африка раўажланыў банкиниң вице-президенти Кевин Чика Урама Өзбекстанда Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады. Онда сиясий ерк-ықрардың беккемлиги ҳәм исенимли жетекшилик тийкарғы фактор сыпатында айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ерисилген нәтийжелерге халықаралық экспертлер айрықша итибар қаратты.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған институционаллық ҳәм структуралық реформалар, соның ишинде, кәмбағаллықты қысқартыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, социаллық қорғаў ҳәм қолайлы жумыс орынларын жаратыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў, гендер теңликти тәмийинлеў, сондай-ақ, санлы ҳәм жасыл экономиканы раўажландырыў және статистика тараўында ашық-айдынлықты беккемлеў бағдарларында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар Өзбекстанның турақлы раўажланыў глобаллық индексинде жоқары өсиўине тийкарғы түртки болды ҳәм халықаралық көлемде жоқары тән алынбақта.
ӨзА