Нефть-газ тараўындағы жойбарлар ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық бойынша мағлыўмат берилди

516

Президент Шавкат Мирзиёев 21-июль күни нефть-газ тараўында сырт ел шериклери менен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық илажларына байланыслы презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде өсип баратырған талапқа сәйкес түрде энергетика избе-из раўажландырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының сырт елге сапарлары ҳәм олар шеңберинде өткен бизнес форумлар нәтийжесинде көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, Әзербайжанның “Socar” компаниясы менен Үстирттеги кәнлерде излеў өткерип, нефть қазып алыў бойынша келисимге ерисилген. Биргеликте перспективалы майданларда геологиялық-излеў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Сондай-ақ, басқа да сырт мәмлекетлер менен қурамалы кәнлерди өзлестириў, тараўды санластырыў, талап жоқары болған қәнигелерди таярлаў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда бирге ислеспекте.

Презентацияда жуўапкерлер шерикликтеги жумыслардың барысы ҳәм гезектеги режелер бойынша мәлимлеме берди.

Президентимиз перспективалы майданлар бойынша анық жойбарларды қәлиплестириў, геологиялық-излеў жумысларынан таяр өним алыўға шекемги толық шынжырды жолға қойыў бойынша көрсетпелер берди.

Соның менен бирге, әмелдеги сырт ел ҳәм биргеликтеги кәрханаларда жаңа бураўлаў усылларын қолланыў, қудықлардың нәтийжелилигин арттырыў арқалы нефть ҳәм газ көлемин көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте гүзги-қысқы мәўсимге таярлық мәселелери де көрип шығылды. Жуўапкерлер бул ушын жетерли энергия ислеп шығарыў, газ қоймаханаларында топлаў ҳәм тең салмақлы жеткерип бериў илажлары көрилип атырғаны ҳаққында мәлимлеме берди.

Атап айтқанда, Талымаржан ыссылық электр станциясында 1 мың 65 мегаваттлы еки пуў-газ қурылмасы, Сырдәрьяда 1 мың 573 мегаваттлы ыссылық электр станциясы қурылмақта. Олардың жәми қуўатлылығы жылына 20 миллиард киловатт-саат болады.

Сондай-ақ, быйыл Ташкент, Наманган, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында жәми 162 мегаваттлы жаңа гидроэлектр станциялары иске қосылады. Оларда жылына 648 миллион киловатт-саат электр ислеп шығарылады. Булар, бәринен бурын, халқымыздың талабы ҳәм өсип баратырған экономика ушын қосымша күш болады.

Ҳәзирги ўақытта тийисли тармақ ҳәм подстанцияларды оңлаў жумыслары да басланған. Ыссылық станцияларының турақлы ислеўи ушын зәрүр жанылғы, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер резервлери қәлиплестирилмекте.

Мәжилисте тараў инфраструктурасын избе-из модернизациялап, энергия жеткерип бериўдиң үзликсизлигин тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

ӨзА