Қыйтақ жеринен дәрамат, шарўасынан берекет

150

Хожели районындағы Саманкөл аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Жийенбай Сапарниязов бүгинги күнде қыйтақ жерден өнимли пайдаланып атырған, шаңарағының абаданлығы жолында тынымсыз ҳәрекет етип атырған инсанлардың бири болып, ерте бәҳәрден-ақ, үйиниң алдындағы 4 сотых қыйтақ жерине ыссыхана қурып, сол жерин дәслеп помидор, соң кеш гүзге шекем қыяр жетистирилетуғын турақлы дәрамат дерегине айландырды.

Буннан тысқары, ол киши бағ шөлкемлестирип, жүзим, ерик, шабдал сыяқлы мийўели тереклерден өним алып, дәраматын және де беккемлеп келмекте,-деп хабар бермекте Аўыл хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.

Тийкарғы тиришилик дереги – шарўашылық. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жаратылып атырған кең имканиятлардан пайдаланып, ҳәким жәрдемшисиниң жәрдеминде жеңиллетилген кредит алып, 18 нәсилли қарамал бағыўды жолға қойды. Бүгинги күнде базарларымызды сапалы ҳәм арзан гөш өнимлери менен тәмийинлеп келмекте.

– Бурын сырт еллерде ислеп хожалығымызды жүргизетуғын едик, ҳәзир болса өз журтымызда, өз қыйтақ жеримизде ислеп шаңарағымызды бағып атырмыз,-дейди Ж.Сапарниязов.

Әлбетте, бундай мийнет сүйгиш инсанлар аўыл турмысының таянышы, мәҳәлле экономикасының ҳәрекетлендириўши күши болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги