Исбилерменлердиң мәплери нызам менен қорғалмақта

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетинен келип шығып, өз жумысларында экономика тараўында нызамшылықты беккемлеўге, әдил судлаўды әмелге асырыўға, исбилерменлик субъектлериниң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, оларға жеңилликлер жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, суд мәжилислериниң тәрбиялық орны ҳәм әҳмийетин арттырыў мақсетинде, ислерди көбирек көшпели суд мәжлислеринде жәмийетшиликти тартқан ҳалда өткериўге айрықша итибар қаратып келмекте.
2025-жылдыӊ биринши ярымы даўамында Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен исбилерменлер ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерден келип түскен 4.033 даўа арзалар кѳрилип, соннан
3.282 ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылған. 465 ис бойынша арзалар қанаатландырыўсыз, 213 ис кѳрилместен қалдырылды ҳәм 73 ис өндиристен қысқартылды.
Суд буйрығы тәртибинде 6 ис, әпиўайыластырылған тәртипте 475 ис кѳрилген. Кѳрилген ислер ѳткен жылға салыстырғанда
1,6 процентке көбейип, олардың ис категориясына қарағанда, пуқаралық-ҳуқықый қатнасықлар менен байланыслы ислер 79,5, ҳәкимшилик-ҳуқықый қатнасықлар менен байланыслы ислер 10,4, кәрханалар ҳәм пуқаралардың төлеўге қәбилетсизлиги менен байланыслы ислер 9,3, корпоратив қатнасықлар менен байланыслы ислер 0,2, инвестициялық даўлар менен байланыслы ислер 0,1, төрешилик додалаўы менен байланыслы ислер 0,4, юридикалық фактлерди анықлаў менен байланыслы ислер 0,1 процентти қурады.
Суд мәжилислериниң тәрбиялық ҳәм профилактикалық әҳмийетин жоқарылатыў мақсетинде, судьялар тәрепинен көрилген ислердиң 13,5 проценти көшпели суд мәжлислеринде көрип шығылды.
Шәртнама шәртлерин ҳәм төлеў тәртибин бузған хожалық жүргизиўши субъектлердиң лаўазымлы шахсларына 2025 жылдыӊ биринши ярымы даўамында 14 ҳәкимшилик, 5 материаллық, 39 интизамий жуўапкершиликке тартыў ҳаққында ҳәм 30 басқа түрдеги, жәми 88 суд тәсир шаралары қолланылған болып, бул көрсеткиш 2024-жылдың биринши ярымы менен салыстырғанда 37,5 процентке көбейген.
Сондай-ақ, усы жылдың биринши ярым жыллығы даўамында Мәжбүрий орынлаў бюроларына орынлаў ушын жәми 9.057.339.784 сумлық
3 732 орынлаў ҳүжжетлери орынлаўға жиберилген болып, соннан 30,6 процент орынлаў ҳүжжетлери әмелде орынланған, 33 процент орынлаў ҳүжжетлери басқа себеплерге тийкар тамамланған, 67 процент орынлаў ҳүжжетлери орынланбастан қалдық болып қалған.
Есабат дәўиринде апелляция инстанциясында жәми 99 ислер кѳрилип, бул көрсеткишлер өткен жылға салыстырғанда 21,2 процентке көбейген. Кассация инстанциясында болса, 83 ис көрилип, бул көрсеткишлер өткен жылға салыстырғанда 56,6 процентке көбейген. Ревизия инстанциясында жәми 61 ис көрип шығылып, бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда
22,9 процентке көбейген.
Исбилерменлик субъектлери ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерди ҳуқықый қорғаў, олардың ҳуқықый санасын қәлиплестириў мәселелери бойынша ғалаба хабар қуралларында жами 141 мәрте шығыўлар әмелге асырылып, халық арасында 55 мәрте аўызеки ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Соның менен бирге, усы жылдыӊ биринши ярымында физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң 37 мүрәжаты үйренилип, нызамлы мүддетлерде мүрәжат ийесине тийисли ҳәм тийкарландырылған жуўаплар берилген. Келип түскен мүрәжатлар саны болса, өткен жылға қарағанда
10 мүрәжатқа азайған.
Исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарларының бири болып табылады. Исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм еркинликлери беккем қорғалған, бизнес ўәкиллерине қолайлы имканият жаратылған, олардың машқалаларына шешим табыўға айрықша итибар қаратылған мәмлекет ғана жедел раўажланады. Оның дүнья жәмийетшилигиндеги орны ҳәм абырайы бәлент болады.
Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары да мәмлекетимизде жүргизилип атырған реформаларды қоллап-қуўатлап, экономика тараўында нызамшылықты беккемлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў ҳәм исбилерменлик субъектлериниң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў бойынша өз жумысларын алып бара береди, деп халқымызды исендиремиз.
Гәўҳар Зарипова,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги