Академиялық лицейлерге кириў тест сынақлары өткерилиў сәнеси ҳәм ўақты анық болды

144

Академиялық лицейлерге кириў тест сынақларының өткерилиў сәнеси ҳәм ўақты анық болды. Бул ҳаққында Билимлендириўди қадағалаў Телеграм-каналында мәлим етилди.

Хабарда айтып өтилгениндей, академиялық лицейлерге кириў тест сынақлары 2025-жылдың 24-июль күни республикамыздың барлық аймағында, 25-июль күни Ташкент қаласында Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги тәрепинен арнаўлы белгиленген аймақларда еки сменада өткериледи.

Тест сынақларын өткериў ўақты:

  • биринши смена саат 9:00 де;
  • екинши смена саат 15:00 де басланады.

Мағлыўмат ушын, абитуриентлерден тест сынағы өткерилетуғын аймаққа белгиленген ўақыттан кеминде бир ярым саат алдын шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм тест сынағында қатнасыў ушын рухсатнама менен келиўи керек,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги