Жумыслар ҳәр тәреплеме үйренилип, жуўапкерлерге тапсырмалар берилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районында халыктың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм машқалаларға шешим табыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп республикамыз басшысы Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы шөлкемлестирилген үйрек бағыў жойбарын көзден өткерип, аўыл турғынлары менен сәўбетлести.

Буннан соң усы аймақта жумыс алып барып атырған Ахмет Өтениязовтың пал ҳәррешиликти раўажландырыў жойбары, Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары Ғайбулла Әлжанов ҳәм Жамалатдин Төремуратовлардың қыйтақ жерлеринде шөлкемлестирилген жумыслар менен танысты.
-Қыйтақ жер қосымша дәрамат дереги. Ал, бундай жумыслар ҳәр бир үйде шөлкемлестирилиўи, соның менен бир қатарда пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, қосымша дәрамат алыўына имканият жаратады. Соның ушын бул бағдардағы жаңа жойбарларды көбейтиў керек,- деди республикамыз басшысы.

Сондай-ақ, үйрениўлер даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Еркиндәрья елатындағы газ тармағы линиясының 2 км бөлегинде Бозатаў тәжирийбеси тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларды барып көрди ҳәм онда артықша газ жумсалыўының алдын алыў, нәтийжели пайдаланыў бойынша жүргизилип атырған жумысларға өзиниң пикир-усынысларын билдирди.
Соңынан усы жыйын аймағының пайызлы орынларының биринде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен 123 млрд. сум муғдарында қаржыландырылып, ҳәзирги ўақытлары қурылыс жумыслары алып барылып атырған жаңа санаториядағы бүгинги жағдай менен жақыннан танысты.

Улыўма 200 орынға мөлшерленген бул саўалландырыў орайы халқымыздың денсаўлығын тиклеўине барлық мүмкиншиликлер жаратылатуғын заманагөй санаториялардың бирине айланатуғынлығы атап өтилди.
Үйрениўлер даўамында Зарбдор тәжирийбеси тийкарында шөлкемлестирилген өнерментлер аллеясы, Жаслар орайында шөлкемлестирилген тил үйрениў курслары жумыслары да барып көрилип, бүгинги күни елимизде халқымыз ийгилиги жолында хызмет ететуғын ҳәр қандай баслама қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.
Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасы менен жақында орнатылып, пайдаланыўға тапсырылған Бозатаў районын ҳәм арқа районларды тиккелей Қоңырат районы менен байланыстырыўшы понтон көпир де барып көрилип, халқымыздың кеўил-кейпиятына тәсир ететуғын ҳәр қандай машқаланың шешимин табыўда Президентимиздиң әдил сиясаты турғаны, буннан пуқаралардың да шексиз миннетдар екенлиги айрықша қанаатланыўшылық пенен тилге алынды.

Соңынан район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың басшылығында Бозатаў районын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилип, онда аймақта исленип атырған жумыслар ҳәр тәреплеме сын көзқарастан талықланды ҳәм тийисли шөлкем басшыларына бул ўазыйпаларды орынлаў бойынша қатаң тапсырмалар берилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги