«Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» жеңимпазлары сыйлықланды
Нөкис қаласында жайласқан «Дослық» каналы бойындағы Жаслар майданшасында жарқын ҳәм көтериңки руўхтағы гала-концерт ҳәм дискотека болып өтти. Илаж «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» шеңберинде өткерилген жарыслардың салтанатлы сыйлықлаў мәресимине бағышланды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жеңимпаз командаларды қызғын қутлықлады. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Президентимиз тәрепинен жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар, спорт ҳәм мәденият тараўларындағы кең көлемли реформалар, мәмлекетлик уйымлар менен халық, әсиресе, жаслар арасындағы қарым-қатнас беккемленип атырғанын атап өтти.
– Бундай илажлар арқалы биз жасларды ўатансүйиўшиликке, физикалық ҳәм руўхый жетикликке шақырамыз. Бул, әлбетте, Президентимиздиң жасларға байланыслы сиясатының нәтийжеси, – деди Аманбай Орынбаев.
Жарыс жуўмақлары бойынша жеңимпаз ҳәм белсенди қатнасыўшыларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Олардың арасында айырым командалар өз алдына номинациялар бойынша да сыйлықланды.
Кеше жуўмағында шөлкемлестирилген дискотекада жаслар аяқ ойын ойнап, мазмунлы дем алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги