Төрткүлде жаңа дәўир – заманагөй амфитеатрдың қурылысы басланды

Ҳүрметли Президентимиздиң «2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 454-санлы қарары тийкарында арнаўлы бағдарлама қабыл етилген болып, бул арқалы республикамыз бойлап кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Усы қарар шеңберинде Төрткүл районында да әҳмийетли қәдем тасланды – «Шадлық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 2000 орынлық заманагөй амфитеатр қурылысының ирге тасы қойылды.
Салтанатлы мәресимде Төрткүл районы ҳәкими И.Худайбергенов, жергиликли нуранийлар, жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жойбарды әмелге асырып атырған жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң басшылары қатнасты. Илажда шығып сөйлегенлер бул амфитеатр район халқының мәдений турмысын байытыўда әҳмийетли орын ийелейтуғын имарат болатуғынын атап өтти.

Бул жойбар «2025-2027-жылларда инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасы» шеңберинде әмелге асырылып атырғанын ҳәм қурылыс жумыслары ушын 13 миллиард сум қаржы ажыратылғанын атап өтиў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги