АИЖСқа қарсы гүресиў кең жәмәәтшиликтиң итибарында

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромына қарсы гүресиў орайында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы АИЖСқа қарсы гүресиў орайы ҳәм оның қурамындағы 6 районлараралық лабораториялары жумыс алып бармақта. Шыпакерлерден 38 (76,0%)и қәнигелик категорияларына ийе, соннан 20 (52,6%)сы жоқары категориялы, 12 (31,2%)си I категориялы ҳәм алтаўы (15,8%) II категориялы.

Қарақалпақстан Республикасында АИВ инфекциясы бойынша эпидемиялық жағдайдың турақлылығына ерисиў, АИВ/АИЖС профилактикасы, АИВ инфекциясының емлеўхана ишиндеги инфекция түринде тарқалыўының ҳәм анадан балаға өтиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде жәми 1102 шахс АИВ инфекциясы менен жасамақта. Соның 10 ы (0,9%) 18 жасқа шекемги балалар болып есапланады.

АИВ инфекциясы менен кеселленгенлердиң 58,8 проценти ер адамлар, соннан екеўи 18 жасқа шекемги жаслардан ибарат ҳәм 41,2 проценти ҳаял-қызлар.
Усы күнге шекем улыўма АИЖСтан 350 наўқас қайтыс болды.
Соңғы жыллары республикамызда усы кеселликтиң жынысый жол менен жуғыўы артып бармақта. Усы жылдың 6 айында республикамызда дизимге алынған 69 жағдайдан 61 и наўқасқа жынысый қатнас ҳәм екеўи парентерал жол арқалы жуқтырылғанлығы анықланды.

Ҳәр айдың биринши сәнеси “АИЖСқа қарсы гүресиў күни” сыпатында белгиленип барылмақта, усы жылдың 6 айы даўамында халық көп жыйналатуғын орынларда, соның ишинде ири саўда комплекслеринде, дийқан базарларында, Нөкис темир жол станциясында, автовокзалларда, шаштәрезхана, гөззаллық салонларында, жеке меншик емлеўханаларда, МПЖларда, жәмәәт мешитлеринде, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында ҳәм Төрткүл, Әмиўдәрья, Хожели, Қоңырат, Беруний, Шымбай районлар аралық лабораторияларының хызметкерлери тәрепинен АИЖС инфекциясының профилактикасы ҳәм саламат турмыс тәризи бойынша илажлар өткерилди.

Буннан тысқары АИЖСқа қарсы гүресиў орайы шыпакерлеринен АИВ бойынша зәрүр болған, яғный кеселликтиң клиникалық белгилери, емлеў усыллары ҳәм алдын алыў илажлары ҳаққында мәсләҳәтлер бериў мақсетинде күни-түни жумыс ислейтуғын исеним телефоны ислеп турыпты ҳәм шыпакерлер тәрепинен мәсләҳәтлер берип барылмақта. (телефон номери 97-354-00-14)
Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар филиалда жаратылған шараятлар менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.