Теберик cапарлардыӊ шийрин мийўелери

144

Елимиз бойлап…

1

…Израил-Иран қарама-қарсылықлары кескинлести. Америка самолётлары Иранға бомба жаўдырды. Палестина – Израил арасындағы қатнасықлар кескинлести. Ғаза секторында ашлық, адамгершиликке жат азаплар. Россия-Украина урысы және де қорқынышлы түрге енди.

Урыс, қәўетер, тынышсызлық ана планетамыздың кеше ғана гүллеп-жаснап турған бағларын өрмекшиниң аўындай орап баратырған күнлерде Өзбекстан Президенти Ташкент ўәлаятына барды. Жазғы қуяш нурларына көмилип мийнет етип атырған дийқанлар, бағманлар, қурылысшылар, жол қурыўшылар, зыялылар менен ушырасты, сәўбетлести. Кәрханаларға, шаңарақларға кирди, адамлардың арзыў-нийетлери, қуўаныш-тәшўишлери, режелери менен танысты, пикирлести.

Жәнжеллер бизиң шегараларымыздан алыста болып атырған болса да, олар жас та, жасы үлкен де – ҳәммемизге бастан-аяқ белгили. Шығыстың дана жазыўшысы Абдулла Арипов тәрийплеген “Қува әнары”ндай дүньяда болып атырған даўылларды Интернет тармақлары айнадай ҳәр бир минутта көрсетип турғанда ҳеш нәрсени жасырыў қыйын. Ана жер жүрегиндеги жаралар әлле қашан ҳәммемиздиң “жарылмаған жара”мызға айланып болды. Аспан менен теӊ имаратлар жер менен бир болды, бағлар күйди, аўыллар жанды. Иши музлап, үмити сөнип, қолы жумысқа бармай көшелерде сергиздан бир қанша мәмлекетлердиң бийгүна пуқаралары. Дүньялық нызам-қағыйдалар түўе БМШ ҳүжжетлерин де бир тыйынға алмай қойған зорлар болса елеге шекем менменликтен қутылмаған. Олар жаўызлық ийримине барған сайын терең батып баратырған ўақытларда Өзбекстан Президенти Ташкент ўәлаятында болды.

Мәмлекеттиң ири қорғанларынан болған Ташкент ўәлаятының барлық қала ҳәм аўылларын абат ҳәм көркем етиў арзыў-нийетлери ҳәкимиятқа келгенинен берли бир дем де тынышлық бермей атырған мәмлекет басшысының бул ретки режелери оғада басқаша…

“Бул елдиң ең тийкарғы байлығы – негизинде, оның мийнеткеш, кеңпейил, көп миллетли халқы болып есапланады”, деп тәрийиплеген Президентимиз Ташкент ўәлаятының халқына барып, пайтахт жанында түп-тийкарынан қайта қурылып атырған “Ташкент-Шығыс” аэропортын көзден өткерди. Аэропорттың төрт километр узынлықтағы ушыў-қоныў жолын, ең үлкен самолётларды да арқайын қабыл ете алатуғын еки терминалын, перрон ҳәм ангарларын қурып атырған қурылысшылардың жумыслары менен танысты.

Тошкент-4» терминали қурилиши ишлари тўхтатилди

Бул мәнзилди жаңадан жаратыў да мәмлекет басшысының узақ жыллық әрманларынан бири еди. Қурылысшылардың “Жаңа аеропорттың бас архитекторы Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң өзи болады!” деп мақтаныш пенен мийнет етиўиниң себеби де соннан еди. Ҳақыйқатында да, аэропорт жойбары, оның қурамалы ноқатларына шекемги сызылмалардың барлығы Президенттиң жеке басламасы менен жаратылған. Аэропорттың Өзбекстан экономикасына, жолаўшыларға келтиретуғын есапсыз пайдалары ҳәм қолайлықлары және ўәлаятта туризм дәрўазаларын үлкен етип ашып жиберетуғыны да Президентке бес қолдай белгили еди. Әмелге асырылып атырған жумыслардың ҳәр бир басқышын терең көзден өткерген мәмлекет басшысы тийисли мәсләҳәт ҳәм көрсетпелер берди, қурылысшыларға миннетдаршылық билдирди. Жыллы сөзлерди Журтбасшымыздыӊ сөзинен еситиў адамға қаншелли қуўаныш, күш ҳәм илҳам бағышлағанын өзиңиз көз алдыңызға келтириң.

2

Және көз алдыңызға келтириң, сиз қурамалы таўлар арасында гүмис лента сыяқлы жалтырап атырған онлаған дәрья ҳәм каналлардыӊ ең шоқ ҳәм сулыўы болған Паркентсай жағасында турсыз.

Таслардан тасларға урылып, жағаларға жумсақ самаллар шашыратып ойпатлықларға түсип атырған, бир ўақытлары Мырза Бабур ат ойнатып өткен, қаншадан-қанша саўашлардың гүўасы болган Паркентсай жағаларында тиришилик қайнайды. Аспанға қол созған кранлар, қурылыс буйымларын тасып атырған машиналардың даўысы қурылысшылардың бақырысларына қосылып тартымлы, жаўынгерлик намаға айланып кеткенлигин көрип көзиң тоймайды. 5 мың 200 шаңараққа мөлшерленген 125 көп қабатлы турақ жай, 2 мектеп, сегиз бақша, 10 гектарлық парк, жасалма көл, сейил етиў орны ҳәм велосипед жоллары қурылыўы керек. 17 километрден ибарат ишки жоллар болса алақандай тегисленеди. Буннан да зоры, 24 километр узынлықтағы “Байтқорған – Паркент” электрлестирилген темир жолы қурылады…

Халқимиз мана шундай фаровон шароитда яшашга муносиб». Президент «Паркентсой» турар жой массивини бориб кўрди – Ўзбекистон янгиликлари – Gazeta

Негизинде қамыр ушынан патир еле булар. Бир китапқа сыймайды олардың бәрин санасақ егер. Соның ушын айырымларын атап өтемиз: Кумушконда 100 гектар жерде туризм объектлери қурылады. Алтын бел шыңында шөлкемлестирилетуғын таў-лыжасы курорт зонасында жаңа көпир, 7 аспа жол, 3 таў-лыжасы жолы, 4 мийманхана, 40 вилла, 4 қабатлы автомобиль туратуғын орын, вертолёт майданшасы, ресторан, балалар майданшасы қурылады. Австрия компаниясы болса 1200 гектар майданда таў-лыжасы курортын жаратады. Жойбарлар толық әмелге асырылғаннан соң Паркентте күнине 15 мың туристти қабыл етиў имканияты пайда болады. Соқақ тәреплерде де усы бағдарда жети гектарлық туристлик орай шөлкемлестирилип, онда 100 адамлық шайхана, 350 ханалы 2 11 қабатлы мийманхана, шале типиндеги жайлар, саламатландырыў орайы, автомобиль туратуғын орын, сыпалар, аспа көпирлер, кемпинглер, бақлаў майданлары сыяқлы 17 түрдеги объектлер қурылады.

Жаңадан шөлкемлестирилетуғын 54 гектарлық бағда шийе, алма, алмурт, малинаның экспортқа қолайлы сортлары жетистириледи. Франция ҳәм Испания тәреплерден өзин-өзи шаңландырыў қәсийетине ийе тереклер алып келинеди. “Ақыллы” агрегатлар ығалланбаған жерлерди автомат түрде суўғарады. Быйыл 500 тонна алма, 400 тонна алмурт, 256 тонна шийе, 30 тонна малина жетистириў нәзерде тутылған болса, келешекте олардың муғдары еки-үш есеге артады. Қысқасы, районда баҳасы 1 миллиард долларлық 52 жойбар әмелге асырылады. Нәтийжеде 3300 жумыс орны, 1 миллион туристке хызмет көрсетиў имканияты жаратылады.

3300 жумыс орны. Бул – 3300 шаңарақтың абатлығы, егер ҳәр шаңарақта үшеўден жан болса – 9900, 5 еўден болса – 16500 инсанның қәтержамлығы, тоқлығы, ертеңги күнине исениминиң турақлылығы дегени! Көп перзентли паркентлилер ушын бул сан қаншелли әҳмийетли екенин көз алдымызға келтириў қыйын емес. Бир миллион туристке хызмет көрсетиў болса бир миллион шаңарақтың тоқшылығын, дастурханының молшылығын тәмийинлейди.

Жалалиддин Румий ҳәзирети сийрек ушырасатуғын сақаўат ийелерине былайынша сыпатлама берген: “Ең уллы Ҳаж – бир кеўилге жол таўып кириў болып табылады. Бир кеўил жүзлеген Каабадан гөззал. Кааба ҳәзирети Ибраҳимниң имараты болса, кеўил Алланың нәзери.”

3

Мине, енди Президент Шавкат Мирзиёевтиң Ташкент ўәлаятына еткен бир сапары неше мыңлаған кеўиллерге қуўаныш, бахыт, үмит, исеним, гөззаллық, нур бағышлағанын шамалап көриң. Соңынан оның қасына және он сапар етиўди қосың. Он сапар – он толғаныў, он ояныў, он айланыў. Ҳәр сапар етиўден соң ҳеш нәрсе жоқ жерлерде үлкен кәрханалар бой тиклеп атырғаны, шеңгел, ажырық басқан жерлер гүллерге көмилип атырғаны, жүзлеген шаңарақлар турақ жайға ийе болып атырғаны ҳәм қай жерге бас урарын билмей жүрген мыңлаған жаслардың жумыс пенен тәмийинленгенин есаплап көрсеңиз, Президент сапарларының мазмун-мәнисин және де терең сезесиз.

“Сезиў” жағымлы, әлбетте. Бирақ бундай жетискенликлерге қалай ерисилди? Жер сол, суў сол, ҳаўа райы сол, адамлар – ҳәммеси сол! Неге сонша жыллар даўамында бундай имканиятлардан пайдаланылмады? Ямаса ҳәзирети Хизр бабамыз күтилмегенде ғәзийне таўып, “Алың, балаларым,” деп ўәлаят халқына саўға етти ме? Бундай сораўлардың барлық жуўабы және Президентке, мәмлекет басшысының ўәлаят бойлап әмелге асырған теберик сапарларына, халық алдына жол алыўдан алдын оларды қыйнап атырған машқалаларды шешиў ушын қанша түнлерди уйқысыз өткергени, китапларды парақлағаны, ойға толғаны, дүнья тәжирийбелерин талқылағаны ҳәм жанын қыйнап излегени менен байланысып кетеди.

Излеген имканият табады, илаж табады, жол табады, дегени усы болса керек.

Тек ғана Ташкент қаласы ямаса ўәлаяты емес, улыўма, Президенттиң ҳеш қашан, ҳеш бир жерге тек ғана “тамаша” ушын бармаўы, қайсы аймаққа жол алса да, бәрқулла ҳеш кимниң ойына келмеген басламалар дизбеги менен барыўы, мәмлекет басшысының қәдеми жеткен мәнзиллер болса абаданлық намаларына көмилиўи елимизде әжайып дәстүрге айланып кетти.

Жоқты бар етиў, уйқысыраған нәзерлерди оятыў, тыныш сайларға дәрьялардың тезлигин алып кириў ушын қандай рәҳәт бағышлайтуғын азапларды басынан өткергени болса Президентимиздиң өзине ҳәм Жаратқанның өзине ғана белгили. Исенимим кәмил, бул сөзлерде зәрре гүман жоқ екенлиги дәлилге мүтәж емес. Қалаберди, мәмлекетимиз басшысының дүнья тәғдирине байланыслы қыйын мәселелерге де шығыс ақылы менен ақылға уғрас қатнас жасап атырғаны, машқалалар шешимин табыў жолындағы бийбаҳа қәбилети дүньяның белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери, ири сиясатшыларының алғысына ерисип атырғаны да айқын ҳақыйқат.

Есиңизде болсын, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ҳәрекетлери менен Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы қаншадан-қанша ойлы-шуқырлы жоллар тегисленди, Европа мәмлекетлериниң исеними қайта туўылды бул жерге, дүнья банклерине, исбилерменлерине дәрўазалар кең ашылды, ҳеш ким тән алмай, жеккеленип атырған Аўғанстанға мүнәсибет түп-тийкарынан өзгермекте. Өйткени, усындай ўатансүйгиш, тынышлықты сүйиўши, бир сөзли пазыйлетлер уллы шахслардың тарийхтағы орнын дәлиллейди.

Жақсы билемиз: Өзбекстан Президенти ушын айтылған сөз – атылған оқ. Ўәде – опадарлығы менен әзиз. Бир ғана Ташкент ўәлаятынан жүзлеген мысаллар келтириў мүмкин.

Мәселен, Шавкат Миромонович 2017-жылы Тойтепа қалашасын ўәлаяттың пайтахтына айландырыў ҳаққында айтты. Көп өтпей, Тойтепа қайта аталып, Нурафшан қаласы сыпатында Ташкент ўәлаятының ҳәкимшилик орайына айланды. Нурафшан 7-8 жыл арасында танып болмас дәрежеде өзгерип кетти. Бир ўақытлары Нөкент, кейин Тойтепа атындағы бул мәнзил үлкенлиги бойынша Бискент, Қанға, Банокат, Ташкент сыяқлы қалалар қатарында турған болса да, өмиринде бүгингидей абатлықларды көрмеген. Қаладағы 22 мәҳәллениң барлық көшелери ҳәм жайлары қайтадан қурылды. “Ақыллы қала” концепциясы тийкарында Сингапурдың ” DIIPART” компаниясы менен биргеликте баҳасы 2,5 миллиард долларлық жумыслар баслап жиберилди. Шығырық ҳәм “ПШК” қорғанлары қала аймағына өткерилди. 246 гектар майданда 20 мың халық жасайтуғын посёлка бой тиклей баслады. Екинши басқышта халықтың саны 63 мыңға, усы жылдың ақырында болса 77 мыңға жетеди.

Nurafshon city”ни кимлар қуриши маълум бўлди | Qalampir.uz

Тастыйықланған бас режесине муўапық 246 гектар майданнан ибарат қаланың қурылысы үш басқышта әмелге асырылады. Биринши басқышта 114 гектар жерде 20 мың халық жасайтуғын 72 имарат ҳәм объект қурылады. Екинши басқышта майдан 95 гектарға кеңейип, 53 мың халық ушын 80 имарат ҳәм объект қурылады. Үшинши басқышта қурылыс және 37 гектарға кеңейип, 77 мың халық жасайтуғын 48 имарат қурылады.

Ҳәзирги ўақытқа шекем 168 орынға мөлшерленген 2 қабатлы “Президент мектеби,” заманагөй архитектураның соңғы жетискенликлерин өзинде жәмлеген көп қабатлы турақ жайлар, заманагөй имаратлар пайдаланыўға тапсырылды. Жаңа мектеплер, институт ҳәм университетлер, қыябанлар, коммерциялық банклер, бизнес орайлары, театрлар, китапханалар, Жаслар орайы, амфитеатр, ойын майданшалары, өндирис кәрханаларын қурыў даўам етпекте. Ўатан пидайылары бағы, Медиа хызметкерлери ҳәм дөретиўшилер бағы, Зульфия Закироваға бағышланған “Мәртлик гимни” естелик комплекси, гипермаркет, саламатландырыў жоллары қурылмақта. Келешекте Ташкенттен Нурафшанға ҳәм басқа да жөнелислерге қатнайтуғын тез жүретуғын электробуслар қатнаўы жолға қойылады. Ташкент пенен Нурафшан арасында жер үсти метро қатнаўы да бул жердиң өзине тән потенциалының көринисине айланады. Президентимиздиң “Европаның санаўлы мәмлекетлеринде бар болған ең заманагөй қаланы биз Ташкент ўәлаятынан баслап берейик,” деген ийгиликли нийетиниң көринисине айланады булардыӊ барлығы.

Аўа, Нурафшан жақын арада “ақыллы қала” сыпатында мәмлекетимиздиң мақтанышына айланады.

Жақында, анығырағы, Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери байрамы қарсаңында “Мәртлик гимни” естелик комплексин зыярат еткен журналистлер ўәлаят ҳәкими Зойир Мирзаевтың сөзлерин еситип, мақтанышқа бөленди.

Матонат мадҳияси» — Машъум урушда беш фарзандидан жудо бўлган она шарафига ўрнатилган ёдгорлик

– 2025-жылы 612 мың халықты жумыс пенен тәмийинлеўимиз, 25,3 мың шаңарақтағы 115,7 мың адамды кәмбағаллықтан шығарыўымыз керек,-деди ҳәким. – Жойбарды әмелге асырыў ушын ўәлаят ҳәкимлиги, республика Халық банки ҳәм ўәлаят Орайлық банки арасында бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылған. Банклер тәрепинен “Сайхун-абад” тәжирийбеси тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе 40 тан жәми 41 мың микрожойбар әмелге асырылады, 82 мыңнан аслам жумыс орынлары жаратылады. Ҳәр бир мәҳәлледен кеминде 10 нан жәми 10250 шаңарақтың орташа жыллық дәраматы 60-70 миллион сумға шекем жеткериледи. “Бир контур – бир өним” тийкарында жәми 649,2 гектарда 61 үлги жойбар әмелге асырылады.

“Үйши” тәжирийбеси тийкарында 150 мың турақлы жумыс орны жаратылады. Оның ушын 10,8 триллион сум жеңиллетилген кредит ажыратылады.

Буннан тысқары, 2025-жылы 2,4 миллиард долларлық экспорт әмелге асырылыўы ҳәм өткен жылға салыстырғанда 166 процент өсиў тәмийинлениўи керек. Соның ишинде, санаат өнимлериниң экспорты 2,2 миллиард долларға, мийўе-овощ экспорты 220 миллион долларға жетиўи зәрүр.

Ҳәкимниң сөзлеринен белгили болды, экспорт көлемин арттырыў ўәлаятта раўажланыў драйверине айланған. Оған бола, экспорт көлеми тоқымашылықта 480 миллион долларға, электротехника санаатында 332 миллион, қурылыс материалларында 200,6 миллион, азық-аўқат санаатында 175,7 миллион долларға көбейеди.

Туризм тараўында 2025-2026-жылларда улыўма баҳасы 3 миллиард 285 миллион АҚШ долларына тең 265 инвестициялық жойбар иске қосылады ҳәм 14 мың 487 жаңа жумыс орны жаратылады.

Бир ғана “Чорвоқ дәрўазаси” жойбары бойынша Ангрен дәрьясы, Паркентсай ҳәм Чыназдың Сырдәрьяға тутасқан жағалықларында бир неше көп қабатлы турақ жайлар, мийманханалар, дем алыў ҳәм кеўилашар орынлар, хызмет көрсетиў ҳәм саўда шақапшалары иске қосылады.

Президент Бўстонлиқдаги «Чорвоқ дарвозаси» лойиҳаси билан танишди

Бекабад районының жаңа ҳәкими З.Низомиддиновтан Сырдәрья үстинде жаңа көпир қурылып атырғаны, жақын келешекте болса Хавас қалашасынан Бекабад, Бўка, Пискент, Паркент бойлап қурылатуғын темир жол ҳаққында еситкенимизде, мәмлекет басшысының сапарлары қаншелли нәтийжели екенин және бир мәрте түсиндик.

4

Аўа, жетискенликлердиң ҳәммеси Президент сапарларының шийрин жемислери. Олардың қатарына 2018-жылғы сапар етиўден кейин “Өзбекстан металлургия комбинаты” акционерлик жәмийетине қараслы ири инвестициялық жойбарлардан бири – ферроеритпелер ислеп шығарыў цехының иске қосылғаны, 2021-жылы ОКМК қурамындағы “Ёшлик-1” кәни негизинде 3-мыс байытыў фабрикасы қурылысы ҳәм Жоқары Шыршық районында “Astrum” IT академиясы өз жумысын баслап жибергени, 2022-жылы Зангиата районында “Мениң биринши үйим” жаңа ипотека бағдарламасын Ташкент ўәлаятынан баслаў басламасы енгизилгени, “Шыршық” химия-индустриал технопарки ашылғаны, 2023-жылы Аҳангаран районындағы “Ташкент Конч цемент,” Төменги Шыршық районындағы “Ташкент коттон текстиль,” Жоқары Шыршық районындағы “Азия Ташкент текстиль,” “Салюбрис Вита,” Ангрен қаласындағы “Ангрен каолин,” “Централ Азия Кемикалс,” Нурафшан қаласындағы “Агро Ню Дрип,” Шыршық қаласындағы “Шарқ Тюбс,” Паркент районындағы “Самсарак файз” ҳәм “Шабнам Елегант” сыяқлы ири кәрханалардың иске қосылғаны және бул кәрханаларда цемент, ийирилген жип, тоқымашылық, фармацевтика, байытылған каолин, химия өнимлери, тамшылатып суўғарыў шлангалары, реңли металлар ислеп шығарыў жолға қойылғаны; 2024-жылы ОКМК қурамындағы “Ёшлик-1” кәни негизинде 4-мыс байытыў фабрикасына старт берилгени, “Ташкент – Хожакент” жөнелисинде жаңа электропоезд қатнаўы басланғаны, ўәлаят кәрханалары тәрепинен усы жылдың өзинде 7 507,6 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылғаны ҳәм бул 2017-жылға салыстырғанда 7 есеге көп екенлиги, 100 ден аслам мәмлекет пенен инвестиция ҳәм экспорт тараўларында бирге ислесиў жолға қойылғаны, инвестициялық бағдарламалар шеңберинде 71 мәмлекет пенен улыўма баҳасы 11,5 миллиард долларға тең 200 ден аслам инвестициялық жойбарлар портфели қәлиплестирилгени, тек ғана Қытай Халық Республикасы менен биргеликте 4 миллиард доллардан аслам 25 инвестициялық жойбар әмелге асырылып атырғаны сыяқлылар қосылса, көринистиң саўлаты және де айқынласады.

5

– Президентимиз бәрқулла “көзге көринбейтуғын” имканиятлардың тамырын таўып, олардан пайдаланыў илажларын көрсетип береди, – деп сөзинде даўам етеди ўәлаят ҳәкими. – Бир келгенинде қытайлы исбилермен, “GaIanz” компаниясының тийкарын салыўшысы Лян Чжаосян ҳаққында айтты. Дүньядағы ең ири турмыслық техника ислеп шығарыўшы заводлардан есапланған бул компания шөлкемлестирилген 1992-жылы Қытай бойынша барлығы болып тек ғана 200 мың микротолқынлы печь ислеп шығарылған еди. Арадан еки жыл өтип, компания дерлик 5 мың дүкәннан ибарат миллий саўда тармағын қурады, он жылдан кейин күнине жүз мың микротолқынлы печь ислеп шығара баслайды. 2013-жылы 4,5 миллиард доллардан аслам дәрамат алып, қырық мың адамды жумыс пенен тәмийинлейди. Лян Чжаосян 1,01 миллиард доллар байлық пенен “Ғоrbes”те дүняның ең бай адамлары дизимине киреди. Бул гүрриң ўәлаятымыздағы жүдә көп исбилерменлерге илҳам бағышлады.

2017-2024-жылларда исбилерменлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ўәлаят ҳәкиминиң сөзлери қаншелли дурыс екенлигин тастыйықлайды. Және мысалларға мүрәжәәт етемиз. 2019-жылы Бостанлық районында “Амирсай” таў-лыжасы курорты рәсмий жумыс баслады. 2020-жылдан ўәлаяттың 6 аймағы “Алтын айланба” туризм концепциясы тийкарында раўажландырыла басланды. 2021-жылы Паркент районының сулыў орынларынан бири “Кумушкон” мәҳәллеси республикада биринши “Туризм аўылы,” “Туризм мәҳәллеси” статусын алды. 2021-жылдан берли Ташкент ўәлаяты “Халықаралық жееп спринт” жарысына басшылық етпекте.

Паркент туманидаги Кумушкон ва Чашмага “туризм қишлоғи” мақоми берилди

Ўәлаятта өткен 5 жылда 267 туризм объекти қурылып, тараўға 5,5 триллион сум ҳәм 156,1 миллион доллар сырт ел инвестициясы тартылды.

2024-жылы 282 миллион доллар муғдарындағы 56 жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 1042 жаңа жумыс орны жаратылды. Ўәлаятқа 16 миллион 337 мың турист келди. Олардың 984,2 мыңы сырт ел туристлери болып есапланады. Туризм хызметлериниң экспорты 390 миллион АҚШ долларына жетти.

Ҳәзирги ўақытта 74 шаңарақлық мийман үйи және жергиликли ҳәм сырт елли туристлерге хызмет көрсететуғын 46 туристлик фирманың жумысы жолға қойылған. Аҳангаранның Ертошсай ҳәм Аўжазсай аўылларына, Паркенттиң Чашма, Кумушкан аўылларына “туризм аўылы” статусы берилген.

Шыршық мәмлекетлик педагогикалық университетиниң туризм факультети ҳәм Бостанлық туризм ҳәм сервис колледжинде 542 студент билим алмақта. 2024-жылы билимлендириў мәкемелерин тамамлаған жаслардың 152 си өз бағдары бойынша жумысқа жайластырылды.

Ўәлаятта туризмди диверсификациялаў, яғный аймақларда туризмниң анық бир бағдарлары бойынша қәнигелесиў бағдарламасы қабыл етилген. Оған бола, Зангиата ҳәм Ташкент районларында медициналық туризм, Аҳангаран, Пискент, Чиназ ҳәм Орта Шыршық районларында аң туризми, Бостанлық, Паркент районлары ҳәм Ангрен қаласында таў экстремал туризми, Зангиата, Бостанлық, Паркент, Аҳангаран, Аққорған, Жоқары Шыршық районлары ҳәм Ангрен, Нурафшан қалаларында зыярат туризми, Бостанлық, Паркент, Чиназ, Бўка, Янгийўл, Қибрай районлары ҳәм Янгийўл қаласында гастрономиялық туризм, Бостанлық, Паркент, Аҳангаран районлары ҳәм Ангрен қаласында эко ҳәм агро туризмди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады.

Утверждена программа развития Ташкентской области

Суў бассейнлериниң бойларынан туризм мақсетинде үнемли пайдаланыў бағдарында “Түйемоғыз” суў бассейниндеги “ТашВегас” дем алыў орайында заманагөй бассейн ҳәм пляж пайдаланыўға тапсырылды. Нурафшан қаласында жасалма көл бассейни шөлкемлестирилип, турақлы түрде келиўшилерге концерт бағдарламалары ҳәм кеўилашар хызметлер көрсетилмекте. Бостанлық районындағы “Хевенс Гарден” дем алыў орнында Сингапурдың “Марина-Бей” суў бассейни үлгиси тийкарында заманагөй бассейн қурылды. Киши көлемдеги суў бассейнлериниң саны 184 тен асты.

6

Ташкент ўәлаятын мәмлекетимиздиң ең ири аймақларынан, дедик. Ҳақыйқатында да, бир тәрепи Қазақстан, бир тәрепи Қырғызстан ҳәм Тәжикстан республикалары, және бир тәрепи Наманган ҳәм Сырдәрья ўәлаятларына тутасқан бул жердиң 15 районы ҳәм 7 қаласында 80 миллетке тийисли 3 миллион 100 мыңнан аслам халық жасамақта.

Қурама, Писком, Угом, Чатқал сыяқлы таўлар әтирапында пайда болған жердиң Шыршық-Аҳангаран ойпатлығы, Қурама таўы, Ангрен-Алмалық әтираплары мыс, полиметалл рудаларына, алтын, гүмис, қорғасын, алюминий сыяқлы пайдалы қазылмаларға, қоӊыр көмир, молибден кәнлери, плавик шпаты ҳәм дала шпаты ҳәм ҳәр түрли қурылыс материалларына толы.

Ўәлаятта энергетика, машина қурылысы, металлургия, көмир, кән металлургиясы, химия санааты, аяқ кийим, пахта тазалаў, азық-аўқат, тоқымашылық ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў тармақлары жедел раўажланбақта. Бекабад қаласындағы “Өзметкомбинат,” Алмалық қаласындағы “ОКМК,” Ангрен көмир кәнлери, Шыршық аўыл хожалығы машина қурылысы кластери сыяқлылардың даңқы елимизден тысқарыда да белгили ҳәм танымалы.

Ўәлаят ҳаққында сөз болғанда, Соқоқтың шашлиги, Паркенттиң мадар сомсасы, Бўканың шайхана палаўы, Пискент мантысы, Чиназдың қуўырып, қақылдап писирилген карас балығы ямаса Бостанлықтың “Бошка” мәшабасы, Қибрай ҳалими, Жоқары ҳәм Орта Шыршық районындағы корейц куксийи сыяқлы сийрек ушырасатуғын тағамларды еслемеў мүмкин емес. Ўәлаяттағы ҳәр бир миллеттиң өзине тән көркем жәмәәтлери бар. Мәселен, Ангренде “Чатқал намалары” халық фольклор-энографиялық жәмәәти, “Шаш Илоқ маржонлари” фольклор жәмәәти ҳәм “Аңана” балалар фольклор дөгереклери бар. Оларда миллий қәдирият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер жырланса, Аҳангаран қаласындағы “Қурама” фольклор-этнографиялық халық ансамбли ҳәм Шыршық қаласындағы “Соғдиён” тәжик миллий мәденият орайында ҳәр қыйлы миллетке тийисли халықтың дилбар нама-қосықлары айтылады.

Паркент тумани Заркент қишлоғида «Сомса сайли» байрам тадбирлари давом этмоқда

7

Бирақ, атап өтиў керек, әййемнен Уллы Жипек жолындағы илим, өнерментшилик, мәденият раўажланған мәканлардан бири болған Ташкент ўәлаятының тарийхы елеге шекем толық үйренилмеген.

Хожакент жанындағы үңгирден табылған тас дәўирине тийисли адам сүйегиниң қалдықлары ҳәм жартаслардағы сүўретлер бул үлкеде әййемги дәўирде әййемги адамлар жасағанынан дәрек берсе, Греция, Қытай ҳәм Шығыс дәреклеринде эрамыздан бурынғы V-II әсирлерде де бул жерде адамлар жасағанлығы айтылады. Көлбулақ жанындағы Қызылалмасай ҳәм Қошсайдан табылған әййемги тас қураллар исленген устахана болса ўәлаят жери узақ-узақ заманларда да адамлардың муқаддес мәканы болғанынан дәрек береди.

Шыршық ойпатлығындағы Бурганлы сайынан табылған темир дәўирине тийисли гүлал, металл, тастан исленген үй-руўзыгершилик буйымлары, соның ишинде, чайнек тәризли тумсықлы ҳәм қулақлы қазанлар, мийнет қураллары эрамыздан бурынғы әсирлерде де ўәлаятта раўажланыў болғанын тастыйықлайды.

Кейин ала оазисте қорған ҳәм қалашалар көбейип кеткенлиги себепли бул жерлерге Шош, яғный мың қорғанлы мәмлекет сыпатламасы бериледи. Мың қалалардың бири болған Ақтөбе қорғаны өзине тәнлиги менен ажыралып турады.

Беккем қорғаныў дийўаллары менен қоршалған қорған ертедеги орта әсир қалаларынын арки ҳәм шаҳристони болған.

Ҳәзир ўәлаятта туристлер баратуғын 20 ға шамалас белгили зыярат етиў мәнзили бар. Шайх Умар Вали, Авлиёсойдаги Икрима ата, Қадамчи бува, Авлиё Парпи ата, Қирқизобод яки Қирққиз момо зыярат орынлары усылар қатарына киреди.

Улыўма, ҳәзирги ўақытта Ташкент ўәлаятының археологиялық картасына 760 ески мәкан жай, қала ҳәм аўыл қалдықлары, әййемги қойымшылықлар, қорғаныў ҳәм ирригация имаратлары киргизилген. Киргизилмеген ҳәм үйренилмегенлери және қанша екени болса белгисиз.

Бизге белгили, Өзбекстан Президентиниң ўәлаятқа ҳәр сапарғы сапарында барлық тараўлар сыяқлы әзизлердиң зыярат етиў орынларын абат етиўге айрықша итибар қаратылмақта. Уллы бабаларымыз қоллап-қуўатлап атырған ел болса ай сайын, күннен-күнге раўажланып, жоқарылап бармақта.

Ташкент ўәлаяты Өзбекстанның

Гөззал бағларында шынар болар.

Дилбар көринислерди көрген инсанның

Жүреги дәрья-дәрья нурға толар.

 

Булақлар сайларға жолдас болар,

Иске асады ертеклер, түслер.

Аспанда жарқырап нур шашар қуяш,

Турақлы болғай қутлы сапарлар…

Абдусаид Кўчимов,

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенаты ағзасы,

Өзбекстан Республикасына

хызмет көрсеткен жаслар

устазы.

ӨзА