“Дослық” фестивалы илажлары болып өтеди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен елимизде 30-июль Халықлар дослығы күни сыпатында кеңнен белгиленеди.
Сәне мүнәсибети менен усы жылдың 25-31-июль күнлери мәмлекетимиз бойлап “Дослық” фестивалы илажлары болып өтеди.
Фестиваль шеңберинде бир ҳәпте даўамында республикамыздың барлық ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласындағы абырайлы көркем өнер сарайлары, театрлар, концерт заллары, тамаша майданлары ҳәм сулыў қыябанлары менен бағларында түрли мәдений-ағартыўшылық, илимий-әмелий, қызықлы байрам илажлары өткериледи.
Концерт бағдарламалары, әдебият дүньясында миллий ҳәм улыўма миллий қәдириятлар жырланыўы сәўлеленген көркем шығармаларды талқылаў ҳәптениң ең қызықлы илажы болады.
“Дослық” фестивалы – Өзбекстан Республикасының Миллетлераралық қатнасықларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға қаратылған реформалардың мазмун-мәнисин көрсетиўши ўақыя болып табылады.
“Дослық” фестивалы дүнья халқын татыўлық ҳәм аўызбиршилик ҳаққында терең ойлаўға шақыратуғын баслама сыпатында ўатанласларымызда үлкен тәсир қалдыратуғыны сөзсиз.
ӨзА