Өзбекстан делегациясы ШБШ Исбилерменлер кеңеси мәжилисинде қатнасты

125

Қытай Халық Республикасының Пекин қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине (ШБШ) ағза мәмлекетлер исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Илажда Өзбекстан делегациясына Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Дилшод Расулов басшылық етти.

Мәжилис даўамында регионаллық экономикалық бирге ислесиўди және де тереңлестириў, өз-ара саўда ҳәм инвестициялық қатнасықларды кеңейтиў, сондай-ақ, санлы инфраструктураны раўажландырыў мәселелери додаланды.

Дилшод Расулов ШБШ шеңбериндеги экономикалық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде Палата тәрепинен бир қатар басламалар алға қойылғанын мәлим етти.

Соның ишинде, ШБШ Халықаралық инновациялық кластерлер бағдарламасын ислеп шығыў – бул биргеликте жоқары технологиялық, илимге тийкарланған өндиристи раўажландырыўды мақсет ететуғыны атап өтилди.

“SCO TradeNet” санлы платформасын жаратыў – саўда ҳәм логистика тараўын санластырыў ҳәм мәмлекетлер арасында мағлыўматлар алмасыўын автоматластырыў имканиятын береди. ” SCO Business School for SMEs ” – киши ҳәм орта бизнес ушын оқыў тармағын шөлкемлестириў – исбилерменлердиң потенциалын арттырыў, билим ҳәм тәжирийбе алмасыўға мөлшерленгени айтылды.

“ШБШ ақыллы шегара аймақлары” концепциясын ислеп шығыў – шегаралас аймақларда инновациялық қатнас тийкарында экономикалық зоналар шөлкемлестириўди өз ишине алады.

Бул басламаларды әмелге асырыў бойынша анық жойбарлар үстинде жумыс алып барылмақта.

Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзА