Дүнья картасында жана мәмлекет пайда болыўы мүмкин

140

Париж шетинде Жаңа Каледония мәмлекетин жаратыў бойынша келисимге қол қойылды, деп жазды “Pоliticо” басылымы.

– Жаңа Каледония келешегин талқылап атырған қарама-қарсы сиясий ҳәрекетлер Францияға белгили дәрежеде ғәрезли болған жаңа мәмлекет дүзиў ҳаққындағы келисимге қол қойылғанын жәриялады, – делинген мақалада.

Атап өтилиўинше, ғәрезсизлик тәрепдары болған ҳәм пүткиллей ажыралыўға қарсы болған топарлар автономия мәселесинде келисимге келген.

Шәртнама Жаңа Каледония ушын айрықша пуқаралық енгизиў ҳәм халықаралық қатнасықлар бағдарындағы ўәкилликти жаңа мәмлекетке өткериўди нәзерде тутады.

Ҳүжжет Франция парламентинде даўысқа қойылып, атаўларда референдум өткерилиўи керек.

Президент Эммануел Макрон социаллық тармақ арқалы Францияға қараслы сырт ел аймағының институционаллық структурасы ҳаққында “тарийхый” келисимге қол қойылғанын тастыйықлады.

Өткен жылы май айында Жаңа Каледонияда ғәрезсизлик тәрепдарлары тәрепинен Францияда режелестирилген конституциялық реформаға қарсы наразылық демонстрациясы болып өтти. Бул сайлаў нызамшылығының өзгериўин талап етеди.

Онда он төрт адам қайтыс болды, улыўма зыян муғдары бир миллиард евродан асты.

Көрип шығылыўы тоқтатылған реформа Жаңа Каледонияда он жылдан көп жасағанларға жергиликли сайлаўда даўыс бериў ҳуқықының берилиўин нәзерде тутқан. Демонстрацияны соңғы 20 жылда көшип келген европалы халықтың бир бөлегине даўыс бериў ҳуқықы берилсе, азшылық болып қалыўынан қәўетерленген түпкиликли канак халқы шөлкемлестирген.

Өткен жылы июль айында Макрон атаўлардың жаңа статусын жақлап шыққан, сентябрьде болса Парижде архипелаг ғәрезсизлиги тәрепдарлары ҳәм қарсыласларын қабыл еткен еди.

С.Раҳимов, ӨзА