Спортшыларымыз табыслы старт алды

132

Германияда даўам етип атырған ХХХII Пүткил дүнья жүзилик жазғы Универсиада ойынларының дәслепки күни спортшыларымыз ушын табыслы өтти.

Атап айтқанда, жарыстың теннис беллесиўлеринде жерлеслеримизден Максим Шин ҳиндстанлы Кабир Хансты, Амир Милушев германиялы Нино Тотоны, Дария Шубина болса эквадорлы Мария Бернарданы жеңип шықты ҳәм екинши басқышқа жол алды.

Көркем гимнастика беллесиўлериниң көп гүрес бағдарында Тахмина Икромова топта шынығыў орынлаўда 28.300 балл, дөңгелекте болса 27.800 балл топлап, усы бағдарлардың сайлап алыўынан өтти. Бүгин, 18-июль күни жарыстың булава ҳәм лентада шынығыў орынлаў бойынша сайлап алыў беллесиўлери болып өтеди. Онда Т.Икромова табыслы ойын көрсетеди, деп үмит етемиз.

Сондай-ақ, Элдорбек Усмонов 50 метрге баттерфляй усылында жүзиў бойынша өткен беллесиўлердиң дәслепки басқышында 23.40 секунд нәтийже көрсеткен болса, ярым финалда финишке 23.31 секундта жетип келди. Усы тәризде жүзиўшимиз бул бағдарда медальлар ушын гүрес алып барыў ҳуқықын қолға киргизди.

ХXXII  Пүткил дүнья жүзилик жазғы универсиада ойынларында ўәкиллеримиздиң қатнасыўы даўам етпекте.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА