Испанияда аномал ыссылық себепли мыңнан аслам адам қайтыс болды

145

Испанияда 16-майдан 13-июльге шекем тәбийғый емес ыссылық себепли мыңнан аслам адам қайтыс болды. Бул 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда дерлик 1000 процентке көп. Бул мағлыўмат мәмлекет Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызметиниң есабатында келтирилген.

Бурынырақ Мәмлекетлик метеорология хызмети (АЕМЕТ) быйылғы июнь Испанияда метеорологиялық бақлаў тарийхындағы ең ыссы ай болғанын мәлим еткен еди. Ай даўамында АЕМЕТ көп мәрте ең жоқары температура көрсеткишлерин атап өтти. 28-июнь күни Эл-Гранадо қаласында дизимге алынған 46 градуслы температура айрықша дыққатқа ийе болды.

– Статистика 2025-жыл 16-майдан 13-июльге шекем жәми 1180 адам ыссы толқынының қурбаны болғанын көрсетпекте,- делинеди есабатта. – Бул өткен жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда 1035 процентке көп. Яғный, 2024-жылдың тап усы дәўиринде ыссы ҳаўа-райы себепли 114 өлим жағдайы дизимге алынған.

Рәсмий мағлыўматқа бола, ыссылық себепли қайтыс болғанлардың 95 проценти 65 жастан асқан, көпшилиги ҳаял-қызлар еди. Күн өтиўден он адамның өлими тастыйықланған. Олардан бесеўи кексе, төртеўи 52-62 жас арасы болған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги