Атқарыў ҳәкимияты уйымларында ишки қадағалаў системасы жетилистириледи

112

Усы жылдың 16-июль күни Ҳүкимет қарары менен “2025-2027-жылларда республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларында ишки қадағалаў системасын буннан былай да жетилистириў” концепциясы тастыйықланды. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” телеграм каналында хабар берилди.

Концепция республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларында ишки қадағалаў системасын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарларын, ўазыйпаларын, орта ҳәм узақ мүддетли келешектеги раўажланыў басқышларын белгилейди.

Концепцияға бола, ишки қадағалаў системасын раўажландырыў төмендеги бағдарларды өз ишине алады:

  • қадағалаў орталығының бир пүтин системасын қәлиплестириў;
  • қәўип-қәтерлерди басқарыўдың нәтийжели системасын енгизиў;
  • қадағалаў процеслериниң нәтийжелилигин арттырыў;
  • мәлимлеме ҳәм коммуникация системасын жетилистириў;
  • Ишки қадағалаў системасын турақлы мониторинг етиў ҳәм есап бериўди және де беккемлеў.
  • Бул тийкарғы бағдарларды төмендеги механизмлер арқалы әмелге асырыў керек:
  • Ишки қадағалаў системасын шөлкемлестириўди стандартластырыў мақсетинде нызамшылық тийкарларын жетилистириў;
  • Ишки қадағалаў системасын шөлкемлестириўди және де раўажландырыў;
  • хизметкерлерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын раўажландырыў,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги