Халықтың перспективалы басламалары хошаметленеди

Президент “Реформаларды әмелге асырыўда перспективалы басламаларды және де қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПП-113-санлы пәрманға қол қойды.
Пәрманға бола, төмендегилер халықтың перспективалы басламаларын хошаметлеў илажларының тийкарғы мақсетлери етип белгиленди, соның ишинде:
– нәтийжели ҳәм халықшыл реформаларды әмелге асырыўда кең жәмийетшилик ҳәм жәмийеттиң түрли қатламлары ўәкиллериниң қатнасыўын қоллап-қуўатлаў;
– перспективалы басламаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде кең халық қатламы ушын ашық сөйлесиў майданын жаратыў;
– заманагөй, алдынғы идеялар ҳәм перспективалы басламаларды сайлап алыў ҳәм таңлап алыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў.
2025-жылдан ҳәр жылы “Келешек ушын” перспективалы басламалар форумы өткерип барылады.
Форум өткерилетуғын тийкарғы бағдарлар ҳәр жылы “Келешек ушын” перспективалы басламалар форумына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети тәрепинен белгилеп бериледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги