ЕА жумысы ушын 2 триллион евро

Европа Комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляен Европа Аўқамының 2028-2034-жылларға мөлшерленген жаңа, узақ мүддетли бюджет жойбарын усынды. Улыўма муғдары 2 триллион евроны қурайтуғын бул көрсеткиш алдынғы, 2020-жылғы қаржы режесине салыстырғанда бираз салмақлы.
Фон дер Ляйенниң пикиринше, әне усы реже арқалы ЕА “стратегиялық, бейимлесиўшең ҳәм финанслық жақтан еркин, күтилмеген кризислерге жедел жуўап бериў имканиятына ийе болады.”
Бюджеттиң тийкарғы бағдарлары сыпатында Миллий ҳәм регионаллық шериклик (865 миллиард евро), Аўыл хожалығы, балықшылық, социаллық сиясат ҳәм аймақлық раўажланыў, Европа бәсекиге шыдамлылық қоры (410 миллиард евро) келтирилген.
Инновация, илим, санлы технология, қорғаныў ҳәм энергетика тараўларына инвестиция тартыў арқалы болса континент экономикасының турақлылығын тәмийинлеў нәзерде тутылған.
200 миллиард евро қунға ийе Глобал Европа резерви сыртқы сиясат қуралларын қамтып алады. Сондай-ақ, Украинаны қайта тиклеў ушын өз алдына 100 миллиард евро муғдарында фонд шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Айрықша жағдайлар ушын 400 миллиард евро қәлиплестириледи. Жаңа бюджет қурамында кризис жағдайы (пандемия, урыс, тәбийғый апатшылық) да тек ғана ағза мәмлекетлер ушын мөлшерленген арнаўлы кредит системасы бар. Бул қаржы турақлы емес, тек айрықша жағдайда иске қосылады.
Ғәрезсиз дәрамат дәреги сыпатында Еврокомиссия электр шығындысы, темеки өнимлери ҳәм ири компаниялардың дәраматына жаңа Евроаўқам салығын енгизиўди усыныс етпекте. Усы тәризде жылына 58,5 миллиард евро дәрамат алыў ҳәм пандемия дәўириндеги қарызларды ҳәр жылы 24 миллиард евро ажыратыў арқалы қаплаў күтилмекте.
Ҳуқық үстинлиги – тийкарғы шәрт
Жаңа бюджет ағза мәмлекетлерде демократиялық принципке әмел етилиўин талап етеди. Бул өзгерис ҳуқықый қәдирият бойынша сынға ушыраған айырым мәмлекетлерге салыстырғанда финанслық қадағалаўды күшейтиўге хызмет етеди.
Әпиўайыластырылған система
Ҳәрекеттеги 52 бағдарлама 16 ға қысқарды. Финанслық қуралларды жағдайға қарап жедел бөлистириў имканияты жаратылады. Қосымша қаржы – 292 миллиард евро ишки базар, пуқаралық қорғаныў, суд-ҳуқық системасы сыяқлы бағдарларға, 49 миллиард евро Эрасмус студентлер алмасыў бағдарламасына, жыллық 24 миллиард евро СОVID дәўиринде алынған қарызды басқышпа-басқыш төлеўге ажыратылады. Фон дер Ляйен презентациясынан соң бюджет бойынша Европарламент ҳәм ағза мәмлекетлер арасында узақ, маўасасыз сөйлесиў басланды. Бюджет қысқарыўы, атап айтқанда аўыл хожалығы ҳәм басқа да айырым фондлар бойынша өзгерис айырым мәмлекетлердиң наразылығына себеп болыўы мүмкин.
Басқа жағынан заманагөй бағдарларға көбирек итибар қаратылыўы Батыс ҳәм Арқа мәмлекетлер тәрепинен жыллы күтип алынбақта.
Муслим Зиё, ӨзА