Жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген шахсларға бир мәртелик напақа тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген шахсларға напақа тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында” қарар қабыл етти.
Оған муўапық, Жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген шахсларға бир мәртелик напақа тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Қарарға бола, напақа тайынлаў ушын мүрәжат етиў, мүрәжатларды көрип шығыў ҳәм напақа тайынлаў “E-probatsiya” мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады.
Напақа район (қала) лық пробация бөлимлери тәрепинен тайынланады ҳәм жергиликли бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар есабынан төленеди.
Тайынланған напақа “E-probatsiya” мәлимлеме системасы арқалы усынылған мағлыўматлар тийкарында төленеди.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен ҳәр айдың 2-сәнесине шекем өткен айда төленген напақалардың улыўма суммасынан кем болмаған муғдардағы қаржылар тиккелей шәртнама дүзилген коммерциялық банк ямаса басқа да қәнигелескен шөлкемниң есап бетине өткерип бериледи.
Жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген шахслардың мүрәжатына тийкарланып “Бирден-бир реестр” АТ арқалы электрон жиберилген төлем ведомостларына муўапық напақа коммерциялық банк тәрепинен нақ пул формасында төленеди ямаса оларда бар банк карталарына өткерип бериледи.
2025-жыл 1-сентябрьге шекем “E-probatsiya” мәлимлеме системасы “Бирден-бир реестр” АТға интеграцияланады ҳәм “E-probatsiya” мәлимлеме системасы арқалы напақа тайынлаў бойынша мүрәжатларды қабыл етиў, көрип шығыў ҳәм тайынлаўдың барлық техникалық имканиятлары жаратылады.
Бул Реже жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген шахсларға бир мәртелик напақа тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин белгилейди.
Напақа Өзбекстан Республикасындағы жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген Өзбекстан Республикасы пуқаралары, Өзбекстан Республикасында турақлы жасайтуғын cырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға тайынланады.
ӨзА