Өзбекстан дүньядағы ең қәўипсиз 25-мәмлекет болды

143

2025-жылдың биринши ярым жыллығыныӊ жуўмақларына бола, Өзбекстан дүнья көлеминде ең қәўипсиз мәмлекетлер қатарынан мүнәсип орын алды. “Numbeo” порталы тәрепинен жәрияланған усы жылғы халықаралық жынаятшылық жағдайы индексинде елимиз 73,4 баллық қәўипсизлик индекси менен 25-орынды ийеледи. Бул көрсеткиш Өзбекстанды тек ғана глобаллық майданда емес, ал Орайлық Азия мәмлекетлери арасында да жетекши қәўипсиз мәмлекет сыпатында көрсетпекте.

Бул рейтинг “Crime Index” – жынаятшылық дәрежеси ҳәм “Cafety Index” – қәўипсизлик дәрежеси критерияларына тийкарланып дүзилетуғынын атап өтиў керек. Бул индексте жынаятшылық балы төменирек болған мәмлекетлер салыстырмалы түрде қәўипсиз деп баҳаланады. Атап айтқанда, 2025-жылдың январь-июнь айларында Орайлық Азиядағы қоңсы мәмлекетлер арасында Қазақстан 73-орында (54,4 балл), Қырғызстан болса 101-орында (48 балл) дизимге алынған. Түркменстан ҳәм Тәжикстан рейтингте қатнаспаған.

“Numbeo”ның мағлыўматларына бола, Өзбекстан ҳәзирги ўақытта қәўипсизлик дәрежеси бойынша Чехия ҳәм Швейцариядан алдында жайласқан. Бул болса мәмлекеттиң қәўипсизлик бағдарында турақлы унамлы тенденциясын көрсетпекте. Салыстырыў ушын, 2024-жылдың усы дәўиринде Өзбекстан 71 баллық индекс пенен 27-орында болған еди.

Бул рейтингте ең қәўипли мәмлекет сыпатында Гаити биринши орынды ийелеген. Сондай-ақ, жынаятшылық дәрежеси жоқары болған басқа мәмлекетлер қатарына Папуа-Жаңа Гвинея (80,7), Венесуэла (80,5), Аўғанстан (75,2) ҳәм Қубла Африка (74,6) кирген. Керисинше, ең қәўипсиз мәмлекетлер сыпатында Бирлескен Араб Әмирликлери, Андорра ҳәм Қатар көрсетилген.

Мағлыўмат ушын, “Numbeo” рейтинги рәсмий мәмлекетлик статистикаға емес, ал тиккелей пайдаланыўшылар тәрепинен толтырылған сораўнамаларға тийкарланады.

Бул сораўнамалар илимий ҳәм мәмлекетлик уйымлардың изертлеўлери менен үйлестирилген болып, жынаятшылық ҳәм қәўипсизликке байланыслы улыўма кейпият, күндизги ҳәм түнги қәўипсизлик, мүлкке қәўип, зорлық ҳәм дискриминация жағдайларына байланыслы пикир-усынысларды қамтып алады. Индекс турақлы түрде жаңаланып барылады ҳәм соңғы бес жыллық мағлыўматлар тийкарында есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги