Басшылар ҳәм олардың орынбасарларының КPI көрсеткишлерин экспертизадан өткериў тәртиби енгизиледи

Оған муўапық, республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары және хожалық бирлеспелери басшылары ҳәм олардың орынбасарлары жумысының ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлерин ислеп шығыў, олардың нәтийжелерин таллаў және орынланбаў қәўиплериниң алдын алыў бойынша усыныслар ислеп шығатуғын эксперт топарлары шөлкемлестириледи.
Республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери тәрепинен ислеп шығылған КPI көрсеткишлерин мәмлекетлик илимий-изертлеў орайлары ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлердиң хызметкерлерин тартқан ҳалда экспертизадан өткериў тәртиби енгизиледи.
Эксперт топарлары КPI көрсеткишлери тийкарында баҳаланатуғын республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелеринде жәмийетшилик тийкарында шөлкемлестириледи.
Агентлик тәрепинен республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары ҳәм олардың орынбасарларының КPI көрсеткишлерин экспертизадан өткериў ушын мәмлекетлик илимий-изертлеў орайлары ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлердиң хызметкерлери тартылады.
Эксперт топарлары республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшыларының басшылығында дүзиледи, олардың қурамына зәрүрликке бола келисим тийкарында Министрлер Кабинети, Агентлик, Экономика ҳәм қаржы министрлиги және басқа да мәпдар шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлери тартылыўы мүмкин.
Төмендегилер эксперт топарларының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:
КPI көрсеткишлерин олардың “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген мақсетлер ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларға муўапықлығы және байланыслылығы, сондай-ақ, тараўдағы бар системалы машқалаларды сапластырыўға қаратылғанлығы және қаржыландырыў дереклериниң белгиленгенлигин есапқа алған ҳалда ислеп шығыў;
КPI көрсеткишлериниң орынланыўын турақлы мониторинг етип барыў, олардың орынланбаў қәўиплериниң алдын алыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
КPI көрсеткишлерин ислеп шығыўда олардың бюджет қаржыларынан пайдаланыўға байланыслы мақсетли индикаторларға муўапықлығын көрип шығыў, КPI көрсеткишлериниӊ нәтийжелерин системалы таллаў.
ӨзА