Словакия ЕАға талап қойды

111

Словакия Бас министри Роберт Фицо Европа Аўқамы тәрепинен Россияға қолланылып атырған жаңа санкция топламын қоллап-қуўатлаў есабынан өз мәмлекетине 2034-жылға шекем Москвадан газ сатып алыўға руқсат бериўши ҳуқықый жеңиллик талап етти. Бул бағдардағы усыныс кеше рәсмий жәрияланған.

Фицо Еврокомиссия басшысы Урсула фон дер Ляйен жиберген үш бетли хатты жеткиликли деп есапламады. Оның атап өтиўинше, усыныста анық финанслық компенсация ямаса Словакия ушын айрықша шәрт нәзерде тутылмаған.

“Euronews” тиң хабарына бола, Еврокомиссия Словакия ҳәм басқа да мәмлекетлерге РФдан энергия импортын 2027-жылға шекем басқышпа-басқыш тоқтатыў режесин көрсететуғын ҳүжжетти усынған. Фицоның пикиринше, газ импортын тоқтатыў тутыныўшылар ушын баҳаны көтерип, энергетика қәўипсизлиги ҳәм бәсекиге шыдамлылыққа зыян жеткереди.

Бас министр “Газпром” менен 2034-жылға шекем дүзилген шәртнама бийкар етилсе, Словакия 16-20 миллиард евро компенсация төлеўи керек екенлигин де билдирген. Шөлкем болса ҳәзирги жағдайда “форс-мажор” қағыйдасы пайда беретуғынын ҳәм юридикалық қәўип жүзеге келмейтуғынын атап өтпекте.

Мусулмон Зиё, ӨзА