Украина Бас министри отставкаға шықты (+видео)

109

 Украина парламенти бүгин Бас министр Денис Шмигал басшылығындағы ҳүкиметти отставкаға шығарыў мәселесин көрип шығады. Бул Президент Владимир Зеленскийдиң басламасы менен ҳүкиметтиң қурамын өзгертиў жолындағы ҳәрекеттиң басланыўы.

Шмигал социаллық тармақ арқалы “Мен Украина Бас министри лаўазымынан отставкаға шығыў ҳаққында арза тапсыраман”, – деп жазған.

Зеленский дүйшемби күни Шмигалдың орнына ҳәзирги Бас министрдиң орынбасары, экономика министри, 39 жастағы Юлия Свириденконың кандидатурасын усынды.

Свириденко Украина ҳәм АҚШ арасында минерал ресурслар бойынша келисим сөйлесиўинде белсендилик көрсеткен. Улыўма, Батыс мәмлекетлери менен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде мәмлекет атынан нәтийжели жумыс алып барып, тийкарынан қорғаныўдағы бирге ислесиў, экономиканы тиклеў ҳәм инфраструктураны қайта қурыў мәселелерине айрықша итибар қаратқан.

Бүгин парламент ҳүкиметтиң отставкасы бойынша даўыс береди. Ҳүкимдар “Халық хызметкери” партиясы көпшилик орынды ийелеп турғаны себепли, Свириденко кандидатурасы аңсат мақулланылыўы күтилмекте. Соның менен бирге бул өзгерис Россия армиясы фронт сызығында басымды күшейткен, Украина қалаларына ушыўшысыз дрон ҳәм ракеталар ҳүжими ҳәўиж алып турған пайытқа туўра келди.

Зеленский Шмигал ҳаққында “Ол жақсы қорғаныў министри болыўы мүмкин” деген. Усы тәризде әмелдеги бас әскерий лаўазымлы Рустем Умеров ушын Украина елшиси сыпатында Вашингтонға жол ашылыўы тезлеседи, дейди бақлаўшылар.

Алдынырақ Украина жетекшиси АҚШтағы елши Оксана Маркарованы алмастырыў нийетин билдирген. 43 жастағы Рустем Умеров болса 2023-жыл сентябрьде коррупцияға байланыслы машқала себепли қорғаныў министри лаўазымына тайынланған. Ол тараўды реформалаўға урынды, бирақ, сыншылардың атап өтиўинше, министрлик елеге шекем басқарыўда үлкен машқалаларға дус келмекте.

 

К.Бекжонов, ӨзА