Палестина сыртқы ислер министри ЕАны сынға алды

96

Палестина сыртқы ислер министри Варсен Агабекян Европа Аўқамының Газа ҳәм Батыс Жағалықта инсан ҳуқықы бузылып атырғаны ушын Израильға қарсы ҳеш қандай шара көрмей атырғанында айыплады. Хызметкер бул жағдайды “қорқынышқа ҳәм үмитсизликке салатуғын” деп баҳалады. Бул ҳаққында “Euronews” жазған.

Европа Аўқамы мәмлекетлери сыртқы ислер министрлериниң есабатында Израиль тәрепинен инсан ҳуқықының бузылыўына байланыслы 38 жағдайды атап өткен. Соған қарамастан, ҳәзирге шекем ҳеш қандай илаж көрилмеген. Агабекян усы жағдай ҳаққында былай деди:

– Ҳәммеси көринип тур – урыс жынаяты, азық-аўқат үстинен қадағалаў, гезекте турған адамлардың набыт болыўы, балалардың өлими. Бул бойынша үнсизлик Аўқамның қәдириятына қыянет болып табылады.

Палестина министри де қатнасқан, Брюсселде өткен мәжилисте Израилға шара сыпатында қурал эмбаргоси, экстремист ҳәмелдарларға санкция, Европа изертлеў бағдарламаларынан шетлетиў сыяқлы 10 вариант додаланды. Тилекке қарсы, Германия, Австрия, Венгрия ҳәм Чехия қарсы шыққаны ушын ортақ келисимге ерисилмеди.

БМШтың 9-июльдеги есабатына бола, Газа халқының үштен бир бөлеги күн бойы аўқатсыз қалмақта, денсаўлықты сақлаў системасы болса жанылғы жетиспеўшилиги себепли жумысын тоқтатыў алдында.

Агабекян ЕАны Израильге структура принциплерине тийкарланған ҳалда қатаң илаж көриўге шақырды.

Мусулмон Зиё, ӨзА