ЕА август айының ақырында Грузия пуқаралары ушын визасыз режимди бийкар етиўи мүмкин

Европа Аўқамы сыртқы ислер министри Кая Каллас Тбилиси өз сиясатын ЕА талабына муўапықластырмаса, август айының ақырында Грузия пуқаралары ушын визасыз режимди бийкар етиў мәселеси көрип шығылыўы мүмкин, деди.
Өткен жылы май айында парламент сырт ел агентлери ҳаққындағы нызамды қабыл еткеннен кейин Грузия ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасық төменлеген.
2024-жыл 28-ноябрьде Бас министр Ираклий Кобахидзе мәмлекеттиң ЕАға ағзалығы бойынша сөйлесиўди баслаў мәселесин көрип шығыўды 2028-жылға шекем тоқтатып турыў қарарын жәриялады. Соннан берли Кавказ мәмлекетинде турақлы түрде жаңа парламент сайлаўын өткериў талабы менен көтерилислер шөлкемлестирилмекте. Европа сиясатшылары митинг қатнасыўшыларын бир неше мәрте қоллап-қуўатлаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги