Гиннес рекордына кириўди қәлейсиз бе?

Егер сиз 18-20 жастағы, Қарақалпақстаннан, технологияға қуштар ҳәм жаңа ойлап табыўларға қызығатуғын жас болсаңыз – бул имканият тап сиз ушын!
Сиз жоқары оқыў орнының 1 яки 2-басқышында оқыйсыз ба?
Онда сиз де Жаңа Өзбекстан тарийхындағы дәслепки Гиннес рекордын орнатыў жойбарында қатнасың!
Не ислеў керек?
Робототехникаға қызығыўыңыз керек
25 минут ишинде робот соға алыўыңыз керек
Белсенди, жуўапкершиликли ҳәм интакер болыўыңыз талап етиледи.
Биз ТОП-2000 ойлап табыўшы жасларды излеп атырмыз. Олардың арасында болыўыңыз – тарийхқа ат қалдырыў имканияты!
Илаж орны: Нөкис Жаслар Технопарки
Келиў ушын асығың – орынлар саны шекленген!
Толық мағлыўмат ушын:
+998 94 955 16 01
Телеграм: @сетора_рустам_қизи
Бирге тарийх жаратамыз! Гиннес китабы сизди күтпекте!
Қарақалпақстан хабар агентлиги