Саида Мирзиёеваға жаңа ўәкилликлер берилмекте

126

Мәмлекетлик басқарыў системасында эффективлилик, проактивлик ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында”ғы президент пәрманы жәрияланды. Оған бола, президент администрациясы басшысына бир қатар жаңа ўәкилликлер берилди.

Президент Администрациясы баслығының ўәкилликлери:

– Президент кеңесгөйлериниң орынбасарлары ҳәм Администрацияның структуралық бөлимлери баслықларының орынбасарлары, Комплаенс хызмети баслығы, Канцелярия баслығы ҳәм Администрация басқарыў хызметкерлери, соның ишинде, усы лаўазымларға алдын Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тайынланған хызметкерлерди лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў.

Онда нызамшылыққа тийисли өзгерислер киргизилгенге шекем де бул хызметкерлерге тийисли нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын хызметкерлер ушын нәзерде тутылған барлық ҳуқықлар, жеңилликлер, кепилликлер, ўәкилликлер ҳәм басқа да қағыйдалар, соның ишинде, мәмлекетлик сырлардан пайдаланыўға рухсат бериўдиң айрықша тәртиби қолланылады;

– Администрация хызметкерлериниң штатлар кестесин тастыйықлаў;

– жойбарлаў басқарыўы принципи тийкарында раўажландырыў жойбарларын әмелге асырыў ушын жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелер ҳәм экспертлерди, соның ишинде, илимпазлар, илимий излениўшилер ҳәм изертлеўшилерди тиккелей шәртнамалар тийкарында тартыў (жумысқа алыў), олардың нәтийжелериниң сапасы мониторингин тәмийинлеў, соның ишинде, Администрация жумысына жәрдемлесиў қоры есабынан;

жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери ҳәм экспертлерине хызметлери ушын ҳақы (мийнет ҳақы) ны миллий яки сырт ел валютасында төлеў, мийнетке ҳақы төлеў муғдарын еркин белгилейди.

Усы пәрманға бола, АОКА сапластырылды. Сондай-ақ, алдынырақ администрация басшысына бес орынбасар тайынланғанын еслетип өтемиз,- деп мәлимлеме xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги