Өзбекстан Президентиниң мәденият ҳәм ағартыўшылыққа қаратқан итибары барлық мусылман мәмлекетлери ушын үлги – Пүткил жер жүзилик Ислам аўқамы басшысы

97

Саудия Арабстанының Мекке қаласында Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының басшысы Фирдавс Абдухолиқов ҳәм Пүткил жер жүзилик Ислам аўқамының Бас хаткери Шайх Муҳаммад бин Абдулкарим ал-Иссаныӊ қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Бул ушырасыў ҳәм сапар пүткил жер жүзилик Ислам аўқамының мирәт етиўине бола әмелге асырылды. Онда Өзбекстанның Саудия Арабстанындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодир Турғунов та қатнасты.

Дослық ҳәм шын жүректен өткен ушырасыўда Орай басшысы Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен елимизде қурылып атырған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы ҳаққында, соның ишинде, Орай шеңберинде әмелге асырылып атырған илажлар, барлық илимий ҳәм шөлкемлестириўшилик жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

– Өзбекстан ислам илими, фиқҳ ҳәм ҳәдис тараўында жоқары мийрасқа ийе. Бул жерде белгили уламалар, уллы фақиҳлер, муҳаддислер, ойшыллар ҳәм көркем өнертаныўшылар жетилисип шыққан, – деди Ислам аўқамының бас хаткери. – Бул мийрастың Ислам дүньясындағы әҳмийети ҳәм актуаллығын көрсетиўде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы әҳмийетли орын ийелейди. Бул елдиң белгили ҳәм атақлы уламалары себепли Ислам цивилизациясының тийкарғы мәниси, атап айтқанда, адамгершилик ҳәм кеңпейиллик қәдириятлары ҳәзирги күнге шекем сақланып қалған. Бул мегажойбар усы бай мийрасты дүнья жәмийетшилигине танытыўда тийкарғы әҳмийетке ийе. Биз Пүткил жер жүзилик Ислам аўқамы атынан бул ҳәрекетлерди толық қоллап-қуўатлаймыз. Өзбекстан Президентиниң мәденият ҳәм ағартыўшылыққа қаратқан итибары барлық мусылман мәмлекетлери ушын үлги болады. Орай менен бирге ислесиўден оғада қуўанышлымыз! – деп атап өтти Шайх Муҳаммад Абдулкарим Ал-Исса.

Ушырасыў даўамында Шайх Муҳаммад Абдулкарим Ал-Исса Өзбекстанда алып барылып атырған реформалар, атап айтқанда, Ислам цивилизациясы орайының барлық илажлары, режелестирилген ҳәр қыйлы әнжуманларға қызығыўшылық билдирип, бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды жоқары баҳалады ҳәм қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Ислам цивилизациясы орайының ашылыў мәресиминиң қаншелли әҳмийетли екенлигине айрықша тоқтап өтти. Усы жерде Шайх Муҳаммад Абдулкарим Ал-Исса Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинен төмендеги пикирлерди келтирди: “Биз пүткил дүнья жәмийетшилигине ислам дининиң ҳақыйқый адамгершилик мәнисин жеткериўди ең әҳмийетли ўазыйпа, деп есаплаймыз. Биз муқаддес динимизди әзелий қәдириятларымыздың көриниси сыпатында шексиз қәдирлеймиз. Ислам дини бизди жақсылық ҳәм тынышлыққа, негизги инсаный пазыйлетлерди қәстерлеп сақлаўға шақырады. Ислам цивилизациясы орайының жумысы да усы мақсетке хызмет етеди.” Шайх Муҳаммад Абдулкарим Ал-Исса Өзбекстан Президенти тәрепинен БМШ минберинен алға қойылған бул үлкен баслама Пүткил жер жүзилик ислам аўқамы атынан қоллап-қуўатланатуғынын атап өтти.

Ислам цивилизациясы орайының басшысы Өзбекстан Президентиниң басламасы менен Орай қурамында Араб-ислам каллиграфия мектебин ашыў жолға қойылғанын мәлим етти. Шайх Муҳаммад Абдулкарим Ал-Исса бул жойбарды толық қоллап-қуўатлады:

– Жаңа Өзбекстан жойбары болған бул каллиграфия мектеби арқалы Қураны кәримниң ҳәр бир сүресин арнаўлы араб хатында, нағыслар менен байытылған тәризде қолда көшириў мақсетке муўапық, – деп усыныс етти Бас хаткер, – Өзбекстандағы болажақ Араб-ислам каллиграфия мектебиниң жумысын жолға қойыўда, сондай-ақ, дүнья көлеминде белгили болған үлкен тәжирийбеге ийе каллиграфларды усы орайға тартыў, каллиграфлардың жумысы нәтийжели болыўы ушын оларды хошаметлеў ҳәм улыўма мектеп жумысын раўажландырыўда шын кеўилден бирге ислесиўге таярмыз.

Делегация ағзалары Мекке қаласында жайласқан Ҳиро мәденият мәҳәллеси, Ўаҳий музейи, “Бурж ас-саъа” минарасында жайласқан усы атамадағы музей, Кааба кисўасы ушын патша Абдулазиз комплекси ҳәм Мадина қаласындағы “Бостан” музейи, Пайғамбарымыз (с.а.в) сийратлары ҳәм Ислам цивилизациясы музейи, Жидда қаласындағы Ислам көркем өнери музейи ҳәм китапханасына барды ҳәм бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барды.

Буннан тысқары, Ислам цивилизациясы орайы делегациясы ағзалары музей ҳәм китапханаларға еткен сапарлары даўамында Пайғамбарымыздың жумысы ҳәм турмыс тәризин сәўлелендиретуғын видеокөринислер Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайына усынылыўы мәселесин де көрип шықты.

Сондай-ақ, ушырасыўда Өзбекстан Президентиниң басламасы менен Самарқандта жаңадан қурылып атырған Имам Бухарий комплексиниң зыяратшылары ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселеси бойынша да пикир алысылды. Бул бағдарда Саудия Арабстанының тәжирийбесинен пайдаланыў мақсетинде Пүткил жер жүзилик ислам аўқамының Илажлар ҳәм конференциялар бөлиминиң баслығы Шокир Салоҳ ал-Адвани менен сөйлесиў өткерилди. Сөйлесиў даўамында Ислам аўқамының ўәкили бул мәселеде Саудия Арабстанының жетекши шөлкемлеринен бири “Илм” компаниясы жәрдем беретуғынын билдирди. Кейинги додалаўлар видеоконференция түринде даўам еттирилетуғынына келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги