Жасалма интеллект суў кризисин және де күшейтеди

“Халықаралық минбер” жойбарында Ускудар университети Денсаўлықты сақлаў илимлери институты директорының орынбасары, доктор Инжи Қорақоштыӊ мақаласы усынылмақта.
Қурамалы тәбияты себепли Жасалма интеллект программалары ислеўи ҳәм раўажланыўы даўамында басқа есаплаў системаларына салыстырғанда көбирек энергия талап етеди. Сондай-ақ, жоқары өнимли есаплаў үскенелерин ислетиў күшли жыллылық пайда етеди. Моделин ислеп шығыў ҳәм ЖИ дан пайдаланыў процесинде үскенениң ҳәдден тис қызып кетиўиниң алдын алыў ушин қурылманы суўытыўда жүдә көп суў жумсалады. Бул процессте, болжаўларға бола, 700 000 литр душшы суў тиккелей парланыўы мүмкин.

Калифорния университетинде өткерилген изертлеў 2027-жылға келип ЖИ программаларының көбейиўи артынан 4,2-6,6 миллиард куб/метр суўдан пайдаланыў итималы бар.
Дүньяда ишимлик ҳәм турмыслық мақсетлерде пайдаланылатуғын суў тәмийнаты шекленген, жер үсти суў ресурслары дүнья бойлап бөлистириледи. Аўыл хожалығы ҳәм қала инфраструктурасынан тысқары жасалма интеллект қосымшалары онысыз да жетиспейтуғын турмыслық суў муғдарын және де азайтады.
ЖИ менен байланыслы чип ҳәм сервер, сондай-ақ, жасалма интеллект моделиниң жаратылыўы ҳәм жумысы процесинде тутынылатуғын электр энергиясын ислеп шығарыўда да суўдан жанапай пайдаланылады.
2022-жылғы изертлеўге бола, Жасалма интеллекттиң углерод изи 24,7 тонна карбонат ангидрид эмиссиясына тең. Үскенени ислеп шығарыў ҳәм моделден пайдаланыўда болса бул муғдар 50,5 тонна.
Санаатластырыў ҳәм халықтың санының өсиўи, жасалма интеллект бағдарламаларының раўажланыўы себепли карбонат ангидрид эмиссиясының артыўы ҳәзирги климат кризисин және де күшейтеди. Глобал ысыў теңиз қәддиниӊ көтерилиўи, жер үсти суў элементлериниң парланыўы, күшли самалдыӊ есиўи ҳәм атмосфера күшли ериўине алып келиўи мүмкин.
Жаўын ҳаўа сапасының төменлеўине, суў жетиспеўшилиги ҳәм эпидемия күшейиўине алып келеди.
Ҳәзирги ўақытта дүнья бойлап 3,5 миллиард адам климат өзгериўи қәўпи астында болған аймақта жасамақта. Раўажланып атырған мәмлекетлердиң халқы климат кризиси келтирип шығаратуғын үлкен қәўип-қәтерлерден көбирек қорғаўсыз. Климат кризиси тиришилик қуралларының жоқ болыўы, жумыссызлық, миграция, таза суў ҳәм азық-аўқат жетиспеўшилиги, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасынан пайдаланыўда машқала, өлимшилик көрсеткишиниң артыўы сыяқлы әҳмийетли машқалаларды күшейтпекте.
Жасалма интеллектти қолланыўда суў ҳәм энергия жумсалыўын имканияты болғанынша азайтыў ушын углерод ҳәм суў изин турақлы түрде бақлап барыў ҳәм сол тийкарда есабат таярлаў әҳмийетли. Турақлылықты тәмийинлеў ушын мағлыўматларды ашықтан-ашық алмасыў, қайта тикленетуғын энергия дереклерине тийкарғы әҳмийет бериў, суўытыў ушын ишимлик ҳәм турмыслық суўдан пайдаланыўды шеклеў зәрүр.
Муҳаррама Пирматова таярлады.
ӨзА